Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

17.02.2022 09:39:41 143 Баспаға шығарыў

Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасын орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың басшылығында
2021-жыл 14-декабр күнги «Хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдымыздағы баслы ўазыйпалар ҳәмде ҳәким жәрдемшилери жумысын шөлкемлестириў, 2022-жылда мийнет балансы ҳәм бәнтлик бағдарламасын қәлиплестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы мәселе бойынша кеңейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисиниң 55-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:

1. Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М.Ниязовтың Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасының орынланыў барысы ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2.Кегейли районы ҳәкимлиги, тийисли мәкеме, қәрхана, шөлкемлер тәрепинен Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың январь айында орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслары жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин..
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов, А.Аманбаев), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ. Алланазаров) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– еки ҳәпте мүддетте 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўдағы кемшиликлерди сапластырыў ҳәм исленген жумыслар бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў;
– экономикалық өсиўди тәмийинлеўде хызметлер тараўын әҳмийетли драйверге айландырыў ҳәм 2022-жылда хызметлер көлемин арттырыў;
– хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша жумыссыз пуқараларды кәсипке оқытыў ҳәм исбилерменлик жумысларын жолға қойыўға көмеклесиў, оларға таяр бизнес режелер ҳәм жойбарлар усыныў;
– хызметлер тараўын раўажландырыў барысында артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, ҳәр бир аймақтың талабына қарап хызметлер түрлерин кеңейтиў, аўыллық орынларда транспорт, финанслық, банк, туризм, саўда ҳәм басқа да хызмет түрлерин кеңейтиў жумысларын алып барыў ўазыйпалары тапсырылсын.
4. Акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), Халқ банки Кегейли филиалы (М.Қулмуратов) хызметлер тараўында жаңадан шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик субъектлерине жумысларын баслаўда зәрүр болған кредит қаржыларын өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеў ўазыйпалары тапсырылсын.
5. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов) 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм орынлаўы бойынша ҳәр он бес күнде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мәлимлеме киргизип барыў жүкленсин.
6. 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыў барысы ҳәр айда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында талқыланып, жуўапкер басшылардың жумысына сын көз қарас пенен баҳа берип барылыўы белгилеп қойылсын.
7. Аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен депутатлық қадағалаўды орнатыў мақсетинде:
– жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қадағалап барыў ушын халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының аймақларға бириктирилиўи 1-қосымшаға; .
– жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў барысында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў ҳәм нәтийжелерин талқылаў кестеси 2-қосымшаға,
– жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў бойынша районлық исши топар қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
8. Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў бойынша районлық исши топары (С.Қалханов), мәҳәллелерге бириктирилген халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары менен биргеликте үйрениў нәтийжелерин талқылаў кестесине муўапық үйрениўлерди өз мүддетинде өткериў ҳәм үйрениў нәтийжелери бойынша мағлыўматларды ҳәр айла халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине талқылаўга киритип барсын.
9. Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы материаллар ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда (Е.Мухамбетов, Т.Мухиятдинова) кең түрде жарытып барылсын.
10. Усы шешимниң орынланыўы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәм Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.

17.02.2022 09:39:41 144