Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының пуқаралардан исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

17.02.2022 09:38:45 182 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының пуқаралардан исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы мүрәжатлар бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :

1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги “Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-31-санлы қарарының орынланыўы бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилиги туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Айырым ҳәким жәрдемшилериниң өзлери бириктирилген мәҳәллелерде үйме-үй жүрип шаңарақларды хатлаўдан өткериў жумысларының кешиктирилип атырғанлығы көрсетип өтилсин.
3. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов), мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте:
-ҳәр бир мәҳәллениң социаллық-экономикалық раўажланыў жөнелислери бойынша алып барылып атырған жумысларын талқылап барыў, үйме-үй дизим тийкарында шаңарақлардың ҳақыйқый социаллық шараятын анықлаў ҳәм айма-ай әмелге асырылатуғын ис-илажлар режесин ислеп шығыў;
-ҳәр бир мәҳәллениң “өсиў ноқаты”нан келип шығып, жетекши исбилерменлер ҳәм ҳәким жәрдемшилери усыныс еткен жаңа жойбарларды әмелге асырыўға көмеклесиў, мәҳәллелерде халықтың күнделикли талаплары ушын зәрүр болған хызметлер түрлерин раўажландырыўға көмеклесиў;
-халықты, биринши гезекте жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын алып барыў;
-районлық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери кеңеси менен биргеликте үй алды қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, үй шараятында дийханшылық, шарўашылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, нәл жетистириў сыяқлы жумыслар менен шуғылланыўды жолға қойыўға көмеклесиў;
– ажыратылып атырған имтиязлы кредит ҳәм субсидия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы мониторинг алып барыў ҳәм әмелге асырылған жумыслар нәтийжеси бойынша турақлы түрде район ҳәкимине есабат берип барыў;
– мәҳәлле халқына көрсетилип атырған коммуналлық хызметлер сыпатын үйрениў, анықланған кемшиликлерди тийисли шөлкемлер менен биргеликте орынларда шешиў, инфрадүзилмени жақсылаў бойынша усыныслар менен шығыў ҳәм әмелге асырып барыў тапсырылсын.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына ҳәм район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Ниязовқа жүкленсин.

17.02.2022 09:38:45 183