Кегейли районы ҳәкиминиң 2022 жыл январь айында халықтың мүражатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

17.02.2022 09:34:57 168 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкиминиң 2022 жыл январь айында халықтың мүражатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021 жыл 23-июльдеги “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен жаӊаша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 38-санлы баянламасыныӊ 12-бәнти тапсырмасына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. Кегейли районы ҳәкими Д. Утемуратовтың 2022 жыл январь айындағы халықтың мүражатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Район 4 сектор басшыларына:
– секторлар тәрепинен өз аймағындағы пуқаралардың барлық мүрәжатларын орынлаў бойынша ис режеси ҳәм кестеси тийкарында пуқаралардың күнлик қабыллаўын алып барсын, олардың мүрәжатларын орынлаў илажларын көрсин;
– шешими таўылмаған ҳәм тәкрарый мүрәжатларды “Секторбай” талқылап ҳәр күни ең аўыр секторларға шығып машқалаларын орнында шешиў илажлары көрилсин;
4. Район ҳәкимлиги ҳәм барлық тараў басшылары өз тараўлары бойынша пуқаралар тәрепинен келип түсип атырған мүрәжатларды иркинишсиз қабыллаў ҳәм турақлы түрде тез мүддетте тийисли илажлар көриў режиминде жумыс алып барыўды шөлкемлестирсин;
5. Кегейли районы Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов) ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларына:
– пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм оның алдын алыў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахслардың интизамий жуўапкершилигин пуқаралар жыйынлары ўәкиллери жыйналысларында қарап барыў;
– тастыйықланған кесте тийкарында аймақларда халық депутатлары районлық Кеңеси депутатларын, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәмде сектор ағзаларын қатнастырған ҳалда пуқаралардың қабыллаўын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў;
– қабыллаў барысындағы мүрәжатларда баян етилген машқалаларды тийисли тараў басшылары менен биргеликте тез мүддетте шешиў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық қабыллаўханасына ҳәм сектор басшыларына белгиленген мүддетлерде жазба түрде мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
6. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары өзлери сайланған округлери аймағындағы пуқаралардың мүрәжатларында көтерилген машқалаларды шешиў бойынша көрилип атырған ис-илажлардың орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын алып барсын.
7. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.

17.02.2022 09:34:57 169