Кегейли районы ҳәкимлигиниң жаслар машқалаларының шешилиўине көмеклесиў, жасларды қоллап-қуўатлаўда қосымша шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында
Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының шешилиўине көмеклесиў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўда қосымша шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәселени қарап шығып халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. Кегейли районы ҳәкимлигиниң жаслар машқалаларының шешилиўине көмеклесиў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўда қосымша шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Б.Давлетов), Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Кегейли бөлими (А.Төремуратов), Жаслар аўқамы Кегейли районлық Кеңеси (А.Дуйсенбаев) аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары жаслар жетекшилери менен биргеликте:
– жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың избе-из орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын иләжлар белгиленсин;
– ҳәр айда район ҳәкимлигинде жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы мәселе сын көз-қараста талқылап барыў;
– “Жаслар дәптери” дизимине киритилген жаслардың машқалаларын ҳал қылыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша изшил жумысларды әмелге асырыў;
– аймақлардағы жәмлеспеген жасларды толық хатлаўдан өткериў, хатлаў жуўмағы менен жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў;
– жәмлеспеген жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде орынларда ҳәр бир мәҳәлледе, елатлы пунктлерде дене тәрбия ҳәм ғалабалық спортты ен жайдырыў бойынша зәрүр шарт-шараятлар жаратыўға көмеклесиў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
3. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
4. Район аймағындағы жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша ўазыйпалардың әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы анық ҳәм толық мағлыўматлар ғалаба хабар қуралларында, рәсмий веб-сайтларда, социаллық тармақларда кең түрде жарытылып барылсын.
5. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.