Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2021 жыл даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2021 жыл даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
1. Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығы А.Аметовтың 2021-жыл даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судына (А.Аметов) әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын тәмийинлеў жумысларының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған иләжларды белгилесин.
3. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары суд тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде шығарылған уйғарыўлардың кең жәмийетшилик арасында додаланыўын шөлкемлестириў, судлардың қатнасыўында ҳуқықый, үгит-нәсият илажларын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
4. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша” турақлы комиссиясына (М.Аймуратов) тараўлар, пуқаралар жыйынлары ҳәм ҳуқық қорғаў органлары ўәкиллери менен биргеликте:
– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шәраят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барыў;
– жынаятшылықтың алдын алыў, әсиресе жол-транспорт ҳадийселериниң алдын алыў мақсетинде мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша оқыў-семинарлар шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша» турақлы комиссиясына жүкленсин.