Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Кегейли районындағы Исбилерменлер муражатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Кегейли районындағы Исбилерменлер муражатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Өзбекстан Республикасы Бас ўәзириниң Исбилерменлердиң муражатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2021 жыл даўамында исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша жумыслары туўралы қабыллаўхана баслығы Б.Аширбековтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов), экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими (Қ. Алланазаров) тийисли тараў басшылары менен биргеликте исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мәплерин қорғаў бойынша белгиленген иләжлардың избе-из орынланыўын тәмийинлесин.
3. Акционерлик-коммерциялық Халық банки Кегейли филиалы
(М. Қулмуратов) ҳәм Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов):
– исбилерменлик субъектлерине банк тәрепинен кредит қаржыларын ажыратыўда кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы кѳрсетип ѳтилсин;
– исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде олардың талабына қарап кредит қаржыларының белгиленген мүддетлерде ажыратылыўын тәмийинлесин;
– районды социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламасында белгиленген ҳәм басқада қосымша жойбарларды әмелге асырыў ушын жеңиллетилген кредит қаржыларының тармақ кестелеринде белгиленген мүддетлерде ажыратылыўын тәмийинлесин.
– исбилерменлерге ҳәм исбилерменликти жаңадан баслап атырған пуқараларға кредит ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша әмелий жәрдем бериў ҳәм басқа да консалтинг хызметлерин көрсетиў бойынша жумысларды турақлы түрде шѳлкемлестирип барсын.
4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) жүкленсин.