Кегейли районы аймағындағы жуўапкер тараў басшыларының “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

11.03.2022 18:57:40 227 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағындағы жуўапкер тараў басшыларының
“Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Абылбаевтың район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилген.
2. Кегейли районы ҳәкимлигиниң “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын әмелге асырыў бойынша мәнзилли бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў басшыларының тиккелей жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
3. Район ҳәкимлиги (М. Ниязов, И. Абылбаев, А. Отемуратов,
А. Сейтимбетов) пуқаралар жыйынлары ҳәм барлық тараў басшылары менен биргеликте:
-аймақларда 2022-жыл бәҳәр мәўсиминде мийўели ҳәм саяманлы тереклер нәллерин отырғызыў жумысларын алып барыў ушын жер майданларын анықлаў;
-аймақларды көклемзарластырыў мақсетинде егилетуғын мийўели ҳәм саяманлы терек нәллериниң ықлым шараятына мас болған түрлерин таңлаў ҳәм орынларға жеткерип бериў;
– егилген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерине агротехникалық илажларды өз мүддетинде ҳәм сыпатлы өткериў;
– агротехникалық илажларды алып барыўда жүзеге келетуғын машқалаларды қысқа мүддетте шешиў ҳәм суўғарыў системаларын мәўсимге таярлаў жумысларын шөлкемлестириў;
– “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарын нәтийжели әмелге асырыў, жасыл майданларды суўғарыў системасын енгизиў, тәрбиялаў ҳәм қорықлаў жумыслары ушын зәрүр болған қаржылардың дереклери бойынша усыныслар киритиў;
– район аймағындағы егилген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери бойынша мониторинг жүргизиў, әмелге асырылған жумыслар барысы ҳаққында ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңесине мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.
4. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети, “Кегейли турмысы” газетасы
(Е. Мухамбетов) район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмахалықлық жойбарының әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда жарытып барылыўын тәмийинлесин.
5. Усы шешиминиң орынлаўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.

11.03.2022 18:57:40 228