ӘНДИЖАНЛЫ ҚӘНИГЕЛЕР МЕНЕН ТӘЖИРИЙБЕ АЛМАСЫЛДЫ

10.03.2022 18:33:20 301 Баспаға шығарыў

Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен районда бир қатар әмелий жумыслар алып барылып, ҳәр бир тараўда бирге ислесиўди шɵлкемлестириў, ɵз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы тийкарда бүгин райондағы 11-санлы МШБШ де Әндижан ўәлаятынан келген МШББ ниң бир қатар методист ҳәм шɵлкем баслықлары менен районда усы тараўда жумыс алып барып атырған қәнигелер арасында ɵз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде семинар-тренинг ɵткерилди.

Семинарда, белгиленген реже тийкарында жумысларды нәтийжели шɵлкемлестириў, педагоглар хызметине шет ел тәжирийбесин ҳәм заманагɵй технологияларды енгизиў ҳәм усы арқалы тараўды жаңа басқышқа кɵтериў бойынша әмелий шынығыўлар ɵткерилди.

✍️Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

10.03.2022 18:33:20 302