БАҲАЛАРДЫ ТУРАКЛАСТЫРЫЎ ЖОЛЫНДА

21.09.2020 13:30:47 654 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги күнде мәмлекетлик статисти­ка тәрепинен товар ҳәм хызметлердиң тутыныў баҳалары бойынша бақлаўлар шөлкемлестирилип, бул бағдарда районымыз аймағында да бақлаўлар өткерилмекте. Тутыныў баҳаларының индексин есаплаўда тутыныўдағы 386 турдеги то­вар ҳәм хызметлер топламынан пайдаланылады. Булар 112 турдеги азық-аўкат товарлары, 206 турдеги азық-аўкатлық емес товарлар ҳәм 68 турдеги халыў хызметлерине бөлинеди.

Тутыныў баҳалары индексин есаплаў, тутыныў базарларында товар ҳәм хызметлердиң сатыў орында дизимге алыў бойынша алынган баҳалардың озгериўи ҳаққындағы ҳәм халыктың хақыйқый ту­тыныў кәрежетлери ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарында әмелге асырылады. Жергиликли орынлардағы статистика органлары тәрепинен базарларда, саўда орынларында ҳәм барлык халыққа хызмет көрсетиў тараўларында мәмлекетлик статистикалык бақлаўларды өткериўде дизимге алыўшыларға ҳеш кандай тоскынлық етпестен, оларға жәрдем берилсе мәмлекетимизде экономикалык реформаларды еледе тереңлестириўге улкен улес коскан   боламыз.

 

Кегейли районы Статистика бөлими баслығы:    М.Бекмуратов

21.09.2020 13:30:47 655