Имканияты шекленгенлер ушын шараят жаратыў бизиң баслы ўазыйпамыз болыўы керек

03.12.2021 15:35:20 530 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасында нәгиранларды социаллық қорғаў ҳаққындағы Нызам,Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрдеги  қарарына тийкарланып, ҳәр жылы 3-декабрь-Халқаралық нәгиранлар күни сыпатында республикамызда кең түрде белгилениўи, мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған күшли ҳәм мәнзилли социаллық қорғаў сиясатының айқын сәўлеси десек орынлы. Мәмлекетимизде ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап халықты қорғаўды және де күшейтиў, әсиресе социаллық қорғаўға мүтәж адамларға турмыста кең имканят ҳәм шараят жаратып бериў мәселесине айрықша итибар берип келинбекте.

Пүткил жер жүзи халықларының 1 миллиардтан артығында, яғный жети кисиниң биреўинде белгили бир түрдеги имканияты шеклениў жағдайы ушырасады. Олардан 100 миллионнан артығын балалар қурайды.

Бул күнди белгилеўден тийкарғы мақсет дүняда әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм илажларда  имканяты шекленген адамлардың да басқа пуқаралар менен тең ҳуқуқлы екенлигин ескертиў, олардың мәп ҳәм тилеклерин инабатқа алыў, оларды қорғаўшы тәртип ҳәм принциплердиң ен жайыўын тәмийинлеўден ибарат.

Солай екен бүгин бизиң  районымызда да сәнеге бағышланған илаж шөлкемлестирилди. Кешени Кегейли районы ҳәкими Д. Утемуратов  ашып берди.  Буннан соң илаж қатнасыўшыларына сектор басшылары тәрепинен саўғалар тапсырылды. Илаж концерт бағдарламалары менен даўам етеди..

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

03.12.2021 15:35:20 531