«SARSENBAEV JADIGER» фермер хожалығы баслығы Ж.Сарсенбаевтың район ҳәкимлигине фермер хожалығына ижараға берилген жер майданларын ҳǝкимият захира жер қоры есабына қайтарып алыў бойынша 2021-жыл 25-февраль күнги 1-санлы қатнас хаты ҳәм район аймағында жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссияның жуўмағын көрип шығып, Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 36-статьясы 1-пунктине муўапық, Кегейли районы ҳәкими
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- «SARSENBAEV JADIGER» фермер хожалығының жер майданларын қайтарып алыў ҳаққындағы район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў бойынша комиссияның 2021-жыл «27»-март күнги жуўмағы мақуллансын.
- «Абат» АПЖ (Қ.Абибуллаев массиви) аймағында жайласқан «SARSENBAEV JADIGER» фермер хожалығына район ҳәкиминиң Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2016-жыл 22-январь күнги 34/9-санлы шешими менен ажыратылып берилген аўыл хожалық картасындағы №97-контурларда жайласқан улыўма майданы 15,1 га, соннан; 5,2 га егислик жерлер, 8,0 га пишензар ҳǝм жайлаўлар, 0,8 га жап-салма ҳам изейкешлер, 0,1 га жоллар ҳам шеллер, 1,0 га аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын басқа жер майданларын ҳәкимият захира жер қоры есабына қайтарып алынсын.
- Қайтарып алынған жер майданлары аўыл хожалық картасындағы №97-контурларда жайласқан улыўма 15,1 га жер майданы район ҳәкимлиги захира жер қоры есабына өткерилсин.
- «SARSENBAEV JADIGER» фермер хожалығы жер участкасының узақ мүддетли ижара шәртнамасы бийкар етилсин.
- Район ҳәкимлиги жанындағы жер майданларын бериў (реализация етиў) ҳәм қайтарып алыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясына усы шешим тийкарында қайтарып алынған улыўма 15,1 га жер майданын ислеў мүмкиншилигине ийе фермер хожалығын шөлкемлестириўши пуқараларға ҳәм ҳәрекеттеги фермер хожалықларына қосымша етип бериў белгиленген тәртипте тендер жолы менен әмелге асырыў тапсырылсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Есенбековқа жүкленсин.
Кегейли районы ҳәкими: Д.Утемуратов