Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниц 1999-жыл 19-апрельдеги 180-санлы Қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған «Жазаны өтеў орынларынан азат етилген шахсларға социаллык-турмыслық жағынан ҳәм жумысқа орналасыўында жәрдем көрсетиў бойынша район ҳәкимлиги жанындағы арнаўлы комиссиялар» ҳаққында

23.02.2021 11:46:20 324 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниц 1999-жыл 19-апрельдеги 180-санлы Қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған «Жазаны өтеў орынларынан азат етилген шахсларға социаллык-турмыслық жағынан ҳәм жумысқа орналасыўында жәрдем көрсетиў бойынша район ҳәкимлиги жанындағы арнаўлы комиссиялар» ҳаққындағы Режесине тийкар Кегейли районы ҳәкими

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси 2021-жыл 17-февралЬ күнги 43-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ усы қарары менен:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Социаллық бейимлестириў орайы бойынша районлық, арнаўлы комиссияның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы;

– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Социаллық бейимлестириў орайы бойынша районлық, арнаўлы комиссияның исши топар қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықланғанлығы;

– Усы қарардың қабыл етилиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 31-декабрьдеги 681-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есапланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги жанындағы Социаллық бейимлестириў орайы бойынша районлық, арнаўлы комиссияның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Район ҳәкимлиги жанындағы Социаллық бейимлестириў орайы бойынша районлық арнаўлы комиссияның исши топар қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары А.Сейтимбетовқа жүкленсин.

 

 

Кегейли районы

                        ҳәкими                                                     Д.Утемуратов

23.02.2021 11:46:20 325