Кегейли районының мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл хожалығна мөлшерленбеген жерлер ушын бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киргизилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында

08.01.2021 14:56:33 268 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги  «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманы ҳәм 2020-жыл 25-декабрдеги «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы УРК-657-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым Нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы 2020-жыл 30-декабрдеги УРК-659-санлы Өзбекстан Республикасы Нызамының 2-статьясы 23 ҳәм 27-бәнтлерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-январьдағы 225-санлы қарарына тийкарланып 2021-жыл ушын белгиленген жергиликли бюджет прогнозларының орынланыўының турақлылығын ҳәм дәраматларының асырылыўын тәмийнлеў мақсетинде Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл ҳожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын салық ставкаларына киритип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қоллаў бойынша районлық Финанс бөлиминиң 2021-жыл 8-январь күнги 01-35-212/20-01-30/4 санлы усыныс хатын инабатқа алып Кегейли районы ҳәкими

Қ А Р А Р    Е Т Е Д И :

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-январьдағы 225-санлы «Қала ҳәм районлар бойынша, аўыл хожалығы ушын мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық ҳәм физикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў ҳаққында» қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының жоқарыда көрсетилген қарарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен белгиленген жер салығы ставкаларына Халық депутатлары районлық Кеңеслерине өз аймақларында жайласқан аўыллар ҳәм мәҳеллелер кесиминде жер салығы ставкасына 0,7 ден 3,0 ке шекем кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерин киритиў ҳуқуқына ийе екенлиги белгиленгенлиги;

Бунда, Халық депутатлары районлық Кеңеси салық жүгин кескин асырылыўының алдын алыў мақсетинде, физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығына белгиленген (жеке тәртиптеги исбилерменлерден тысқары) ставкасына 2020-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаған ҳалда коэффициентлерди қолланыў, сондай-ақ, айрықша орынларда ҳәм туристик зоналардағы жер участкалары ҳәмде физикалық тәреплер пайдаланыўында болған 1 гектардан артық жер участкаларына 3,0 ке шекемги арттырыўшы коэффициентлерди қолланыў мүмкин екенлиги нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрдеги  «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманына муўапық, салық кодекси менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында (юридикалык ҳәм физикалық тәреплердиң) аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын Кегейли районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары кесиминде, олардың экономикалық раўажланыўына қарап жер салығы ставкасын 0,7 тен 3,0 ке шекем кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлерин қолланыў бойынша белгиленген салық ставкалары Халық депутатлары районлық Кеңеске көрип шығыў ушын усынылсын.

  1. Усы қарар Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына тастыйықлаў ушын усынылсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещановқа тапсырылсын.

    

Кегейли районы ҳәкими                                                   Д.Утемуратов

 

 

 1-қосымша

Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 гектар ушын 16 768,0 мың сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилген кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлер

                                                                                                                     мың.сўмда

МПЖ ҳәм АПЖ атлары Коэффициент                 (0,7 ден 3,0 ге шекем)

2021-жыл ушын жер салығы ставкасы (мыӊ.сўмда)

1. “Жылўан жап” МПЖ 0,84 14 085,1
2. “Абат макан” МПЖ 0,84 14 085,1
3. “Нурлы бостан” МПЖ 0,84 14 085,1
4. “Маденият” МПЖ 0,84 14 085,1
5. “Алтын тала” МПЖ 0,84 14 085,1
6. “Қуяшлы” МПЖ 0,84 14 085,1
7. “Гүжим терек” МПЖ 0,84 14 085,1
8. “Бахытлы” МПЖ 0,84 14 085,1
9. “Жүзимбағ” АПЖ 0,84 14 085,1
10. “Абат” АПЖ 0,75 12 576,0
11. “Ақтуба” АПЖ 0,84 14 085,1
12. “Жаңабазар” АПЖ 0,75 12 576,0
13. “Қумшунгил” АПЖ 0,75 12 576,0
14. “Жалпақ жап” АПЖ 0,75 12 576,0

 

 

2-қосымша

Физикалық тәреплер бойынша (дийхан хожалығын жүритиў бойынша берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир (абсолют) муғдарда 1 кв.м ушын 135,0 сўм деп белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлер

                                                                                                            мың.сўмда

МПЖ ҳәм АПЖ атлары Коэффициент               (0,7 ден 3,0 ге шекем) 2021-жыл ушын жер салығы ставкасы (сўмда)
1. “Жылўан жап” МПЖ 1,0 135,0
2. “Абат макан” МПЖ 1,0 135,0
3. “Нурлы бостан” МПЖ 1,0 135,0
4. “Мәденият” МПЖ 1,0 135,0
5. “Алтын тала” МПЖ 1,0 135,0
6. “Қуяшлы” МПЖ 1,0 135,0
7. “Бахытлы” МПЖ 1,0 135,0
8. “Гүжим терек” МПЖ 0,8 108,0
9. “Абат” АПЖ 0,7 94,5
10. “Ақтуба” АПЖ 0,7 94,5
11. “Жаңабазар” АПЖ 0,7 94,5
12. “Жүзимбағ” АПЖ 0,7 94,5
13. “Қумшунгил” АПЖ 0,7 94,5
14. “Жалпақ жап” АПЖ 0,7 94,5

 

08.01.2021 14:56:33 269