ТИЛ-МИЛЛЕТ AЙНАСЫ

12.04.2021 08:01:37 853 Баспаға шығарыў

Халқымызда «Тилге итибар-елге итибар» деп бийкарға айтылмайды. Себеби, тил-халықтың уллы руўхый мүлки, онда миллеттиң өзгешелиги әсирлик тарийхы, мәденияты менен үрп-әдетлери қәлиплеседи ҳәм сақланады. Адам тәлим-тәрбиясыз, өнер-билимсиз, ис-ҳәрекетсиз өмир сүриўи мүмкин емес. Ҳәр бир жәмийет ағзасы өз миллетиниң перзенти болғанлықтан қатнас қуралы болған – тил арқалы ғана тәлим-тәрбия, өнер-билим үйренеди, елиниң руўхый байлығы, мәдениятының бир формасы болған тилди қәдирлейди, қәстерлейди. Сонлықтан онда ҳәр бир халықтың миллетлик сана-сезиминиң, ойлаўының, минез-қулқының белгилери сақланады. Халықтың миллий өзгешеликлери, мәденияты, үрп-әдети, әдебий естеликлери, оның психикалық минез-қулқы, ой-пикири тил арқалы ғана әўладтан әўладқа өтип отырады.

Тил-миллетти тәрийплейтуғын руўхый тийкар, оның әҳмийетли белгиси, үзликсиз  ажыралмас бир бөлеги. Тилимиз раўажланбақта, онда жүзлеп ғалаба хабар қураллары, сабақлықлар, көркем әдебият басылып шығарылмақта, радио ҳәм телевидение өз еситтириў ҳәм көрсетиўлердиң белгили бөлегин мәмлекетлик тилде алып барылмақта. Өз ана тилин билмей турып басқа тиллерди үйрениў мүшкил. Өз ана тилин билмей, бул тилде жақсы сөйлей алмай турып, басқа тилде жақсы сөйлеў қыйын. Сондай-ақ тил кеўилдиң гилти. Сол себепли, кеўилдеги тилге шығады. Сәўбетлесиўинен ренжип турған адамның тилинен жақсы ҳәм шийрин сөзди тартып алыў қыйын. Тилимиздеги сөзлеримиз ҳәммемизге хызмет қылады. Тек ҳәр ким өз ақыл-парасаты менен сөзлерди таңлап алып ислете береди, ол кемимейди, керисинше байып бара береди.  Тилимиздеги сөзлерден гәпимиз, гәпимизден болса қатнас мәдениятымыз жүзеге шығады.

Тилимиздеги сөзлер арқалы жақсылық ҳәм жаманлықты, жаўызлық ҳәм жақсылықты аңлап жетемиз. Соның ушын ҳәм тилимизден шығып атырған ҳәр бир сөзге жуўапкер ҳәм өзимиз. Себеби халық даналығындағы «Тил қылыштын кескир», «Сөзиңди сөйле абайлап, сөзден туўар ашшылық», «Сүйдиретуғын да тил, күйдиретуғын да тил», «Жақсының сөзи мазалы,

жаманның сөзи ызалы»,  «Жақсы сөз шекердей, жаман сөз зәҳәрдей» сыяқлы нақыллар да бийкарға айтылмаған. Тилимизди тазалаўшы ҳәм өзимиз болайық.  Тил, сөз ҳәм қарым-қатнассыз жасай алмаймыз. Тилимиз сөзди тынық шығарса, гәпимиз гөззал қарым-қатнасымыз шийрин болады.

 

 Дилфуза Кайпова,

Кегейли районы Халық билимлендириў бөлими, филология пәнлер бағдарының  методисти.

 

12.04.2021 08:01:37 854