Кегейлиде “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” таңлаўы өткерилди

16.02.2021 15:20:46 1692 Баспаға шығарыў

 

Район ҳәкимлиги ҳәм Кегейли районы прокуратурасы басламасы тийкарында
Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Кегейли районлық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” таңлаўы
бүгин районлық “Мәденият орайы” нда болып өтти. Онда жәми 5 команда қатнасты. Командалар еки шәрт бойынша сыннан өтти. Жарыс жуўмағында жеңимпаз командаларға Кегейли районы хәкимлиги ҳәм Район Прокуратурасы тәрепинен дипломлар ҳәм пул сыйлықлары тапсырылды.

-Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсетимиз Кегейли районындағы талантлы жасларды излеп табыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў арқалы, сизлерге кеўилли кейпият бағышлаў.
Алдынғы ўақытларда бул тәқилеттеги таңлаўлардың көлемин кеңейтиўге, жаслар ҳәм сектор баслықлары арасында өз-ара бирге ислесиўди еле де күшейтиў болып табылады,-дейди район ҳәкими өз сөзинде.

Мағлыўмат ушын: 1- орын  “Халқабадшылар” командасы 1000 000 сўм пул сыйлығы;

2-орын “Юмор” командасы 500 000 сўм пул сыйлығы;

3-орын ” Қаратаў” командасы 300 000 сўм пул сыйлығы менен сыйлықланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

16.02.2021 15:20:46 1693