Қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылайық

22.01.2021 16:11:21 592 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда Республикамыздың қала ҳәм районларының шетки, алыс аўыллары пүткиллей өзгерип үлги жойбар тийкарында арзан үй жайлар, көп қабатлы турақ жайлар салынып атыр. Кегейли районы аймағында да қурылыс жумыслары жедел пәт пенен алып барылмақта. Сол себепли Кегейли районы Айырықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен районымыз аймақларында жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар,социаллық тараў имаратларында айрықша жағдайлардың, сондай-ақ, өрт қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде бәрше қурылыс тараўындағы хызметкерлер менен сәўбетлесиў,ушырасыўлар өткерилмекте. Ең дәслеп қурылып атырған имаратлардың өрт қәўипсилгин тәмийнлеў, олардың жойбарлары ҳәм қурылыс жумысларынан басланады. Қәўипсизлик талапларының орынланыўы,  келешекте пайдаланыўға тапсырылған имаратларда өрт қәӯипиниң жүзеге келмеслигиниң кепили есапланады.

Қурылыс жумыслары даўам етип атырған объект ҳәм имаратлардың майданларында, сондай-ақ, қурылыс монтаж жумысларында өрт қәўипсизлиги норма талапларына,тийисли қағыйдаларына әмел қылған ҳалда ерисиледи.

Мәселен: Биринши нәўбетте ҳәмме қурылысшы исши хызметкерлер техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел қылған ҳалда, арнаўлы бас кийим (каска) лер менен тәмийинленсе, қурылыс майданларында кепсерлеў жумысларын арнаўлы гүўалыққа ийе болған қәнигелер тәрепинен жумыслар алып барылса, қурылыс майданларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде өрт өшириў қалқаншалары орнатылса, бирлемши өрт өшириў қураллары менен тәмийинленсе, ашық ҳалда электр  тармақларынан пайдаланбаса, қурылсшы хызметкерлер демалыў бөлмелеринде ҳәр қыйлы қол бала  жасалған электр ысытыў үскенелеринен пайдаланбаўы ҳам тағы басқа усындай бир қатар қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылыныӯы керек.

Қурылыс тараўында мийнет ислеп атырған қурылысша қәнийгелер жоқарыда айтқанымыздай қурылыс  тараўында ҳәзирги күнде әмелде болған  өрт қәуипсизлиги бойынша тийисли норма талапларыды пухта өзлестирип алса ҳәмде қатаң әмел  қолланса мақсетке муўапық болар еди.

 

             А.П.Юсупов, Кегейли районы Айырықша жағдайлар бөлиминиң

             Норматив техника бөлимшеси баслығы,  лейтенант.                                                                         

 

22.01.2021 16:11:21 593