Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезектеги жигирмаланшы сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеңестиң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң аймақлар қаржысы басқармасы баслығының орынбасары У.Тожибаев, АТ “Асака банк” департаменти директоры А.Асатуллаевлар қатнасты.
Сессия күн тәртибинде еки мәселе, Кегейли районына Өзбекстан Республикасының министрлик, мәкеме ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен бириктирилген «Мәҳәллебай» үйрениўлер нәтийжеси бойынша ислеп шығылған «Кегейли районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша 2021-2022-жылларда әмелге асырылатуғын ис-илажлар бағдарламасын» тастыйықлаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2020-жыл 8-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги “Жәмийетте ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин күшейтиў, сондай-ақ, олардың бәнтлигин тәмийинлеў” мақсетинде “Ҳаяллар дәптери”лерин шөлкемлестириў илажлары бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети