Кегейли районы ҳәкими М.Абдиров районымыз халқын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы менен қутлықлайды

31.08.2020 15:55:36 790 Баспаға шығарыў

Ассалаўма әлейкум, әзиз районымыз турғынлары! 

 

Бүгинги күнде гүллән халқымыз елимиздиң жаңа тарийхындағы ең уллы ҳәм ең әзиз болған қутлы сәне – Ғәрезсизлигимиздиң жигирма тоғыз жыллық байрамын үлкен қуўаныш пенен күтип алмақта.

Ўатанымыз турмысындағы бул уллы әййям менен Сизлерди қызғын қутлықлай отырып, бәршеңизге беккем ден-саўлық, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен!

Бул жыл халқымыз Ғәресизлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети
“Сен қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!” деген бас сүрен тийкарында белгиленди. Усы уллы ўатанға халқымыздың мухаббатын сәўлелендириўши бул сөз ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир жерлесимиз кеўилине үлкен мақтаныш сезимин бағышлайды. Өткен 29 жыл даўамында мәмлектимизде әсирлерге татыйтуғун қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Бул өзгерислерди сезиниў ушын узаққа бармай, әйне күнлерде мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм аўылларындағы үлкен өзгерислерди көриў ҳәм кеўил менен сезиниўдиң өзи жетерли деп ойлайман.

Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2017-2021-жылларда елимизди раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының қабыл етилиўи, қалаберсе, Арал бойы регионын ҳәм бир қатар районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламалардың қабыл етилиўи ҳәр биримизди, гүллән халқымызды және де дөретиўшилик ислерге руўхландырыўда айрықша орын ийелейди.

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамын ылайықлы күтип алыў мақсетинде районымызда кең көлемли жумыслар исленбекте.

Районымызда жедел инвестиция сиясаты  жүргизилип, заманагөй кәрханалар иске түспекте, салық системасын түптен реформалаў, исбилерменликти раўажландырыў, бәрше тараў ҳәм тармақларда инновация, илим-пән жетискенликлери, жаңаша дөретиўшиликке айрықша итибар қаратылмақта.

Ел басшымыз тәрепинен Қарақалпақстанда илим, мектеп билимлендириўи, мәденият, көркем-өнер, туризмди раўажландырыўдың да жаңа перспективалары белгилеп берилди.

Бундай унамлы өзгерислер жаңаша тийкарда қурылып атырған оқыў орынлары ҳәм мәденият тараўы мәкемелери мысалында өз көринисин таппақта.

Атап айтқанда, «Абат мәҳәлле» дәстүри тийкарында районымыз келбети жақсыланып, адамлардың пикири, дүньяға көз қарасы өзгерип, турмыс мәденияты асып бармақта. Районымызда быйылғы жылда «Абат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халық билимлендириў бөлимине қараслы 3 ҳәм 39 санлы ҳәм «Қумшунгул» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 34-санлы мектеплеринде ири қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Буннан тысқары 8 мектептиң филиал имаратлары ҳәм «Бахытлы», «Қуяшлы» мәкан пуқаралар жыйынларының имаратлары тазадан салынып, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жылдың жети айы даўамында Президент дәстүрине киргизилген жойбарлардан районда 17 объект иске түсирилди ҳәм жаңадан 60 жумыс орны жаратылды.

Бүгинги күнде жумыссыз 1028 жастан 837 (81,4 пайыз) жастың бәнтлиги тәмийинленген. Соннан, қурылыс тараўында
26, исбилерменлик бағдарында 108, аўыл хожалық тараўында
222, жәмийетшилик тийкарында 296 ҳәм басқа тараўларда 185 жас жумыс пенен тәмийинленди. Сондай-ақ, 25 жасқа жумыссызлық напақасы тайынланды.

Беккем бирликте татыў жасап ҳәм мийнет етип атырған, бәрше жетискенликлеримиздиң жаратыўшысы болған ҳақ нийетли ҳәм мийнеткеш халқымызға Ғәрезсизлигимиздиң жигирма тоғыз жыллық байрамы қутлы-мүбәрек болсын!

Жақын күнлерде пахта кәрўанын атландырыў алдында турған дийқан ҳәм фермерлеримиздиң бәлент қырман жаратыўдағы ийгиликли ислери оңынан келсин!

2021-жылдың зүрәәти ушын бийдай егиў жумысларын қызғын пәт пенен алып барып атырған дийқанларымыздың шашқан туқымы бири мың болсын!

Және бир мәрте ең уллы, ең әзийз әййям – Ғәрезсизлик байрамы бәршеңизге қутлы болсын, Әзиз дослар!

 

31.08.2020 15:55:36 791