Суд имәратына келген ҳәр бир инсан мәмлекетимизде әдиллик бар екенлигине исенип шығыўы керек !

05.08.2020 10:29:43 789 Баспаға шығарыў

2017-2021-жылларда Өзбекстанды раўажландырыўдың бес баслы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының екинши баслы жөнелисинде, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын жәнеде реформалаў, сондай-ақ, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый ғәрезсизлигин ҳәмде пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў ең әҳмийетли ўазыйпалар етип белгиленген.

Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 30-июнь күни болып өткен әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў барысындағы ўазыйпалар талықлаўына бағышланған видеоселектор жыйналысында Ҳәракетлер стратегиясының екинши баслы жөнелисинде белгиленген ўазыйпалар талықлап өтилди.

Жыйналыста мәмлекетимизде инсан ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлерин қорғаў тараўындағы өзгерислер адамларда ҳақыйқат ҳәм әдиллик болған исенимди беккемлеп атырғанлығы, бирақ, бул халықты суд-ҳуқық системасынан разы екенлигин аңлатпайтуғынлығы айрықша атап өтилди.

Болып өткен жыйналыста инсан ҳуқықларын қорғаўға жуўапкер болған айырым ҳуқуқ мәкеме ҳәм министрликлердиң хызметинде жол қойылып атырған кемшиликлер қатты сынға алынды.

Сыр емес, ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан мәмлакетимизде суд ҳәкимиятын, онын ғәрезсизлигин беккемлеўге, судтың абыройын көтериўге, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўда, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәмде демократиялық реформаларды жәнеде тереңлестириўде судтың ролин ҳәм әҳмийетин көтериўге қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылды.

Өзбекстан Республикасының Конституциясында мәмлекет ҳәкимиятының үш тармағы принципиал тәризде бир-биринен айрықша ажыратылғанлығы ҳәм судлардың ғәрезсиз ҳәкимият сыпатында айтып өтилиўи шын мәнисиндеги суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин тәмийинлеўге шәраят жаратады.

Соңғы жылларда суд-ҳуқық тараўын демократластырыў ҳәм еркинлестириў, суд ҳәкимиятын пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў барысындағы роли ҳәм әҳмийетин асырыў бойынша бир қатар реформалар әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрь күнги «Суд-ҳуқық системасын жәнеде реформалаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы мәмлекетимизде суд-ҳуқық реформаларының жаңа дәўирине ҳуқықый тийкар болды.

Президент Пәрманында нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў, мәмлекет ҳәкимиятының әҳмийетли тармағы болған суд-ҳуқық системасын демократластырыў ҳәм еркинлестириў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириў ҳәм модернизациялаў бойынша узақ мүддетли ҳәм изшил реформалар ең әҳмийетли жөнелислер сыпатында белгиленгени, оның әҳмийети қандай дәрежеде екенлигин де көрсетеди.

Ең әҳмийетлиси, суд-ҳуқық системасын реформалаў, оның түп тийкарында болса, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери мәмлекет басшысының барқулла итибарында десек қәтелеспеген боламыз. Болып өткен видеоселектор жыйналысында бул айқын сезилип турды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Суд-ҳуқық системасына қаратылып атырған итибар ҳәм тараўда болып атырған реформалардың унамлы нәтийжелери сыпатында, усы жылдың өткен 5 айы даўамында тергеў уйымлары тийкарсыз айып қойған 323 пуқара судлар тәрепинен ақланған, 1.854 шахсқа қойылған айыплаўлар тийкарсыз деп табылған. Өткен 2019-жылда 236 ақланған шахсқа мәмлекет есабынан 6,7 миллиард сўмлық материаллық ҳәм мораллық зыянлары өндирип берилген. Әлбетте, бул судлар тәрепинен әдилликтиң тикленгени.

Соның ушын да келешекте судьялық лаўазымын ийелеў ушын белгили ис стажына ийе болыў, Судьялар жоқарғы мектебин оқып тамамлаў сыйақлы талаплар қойыў арқалы танлаў

Президент Пәрманында нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў, мәмлекет ҳәкимиятының әҳмийетли тармағы болған суд-ҳуқық системасын демократластырыў ҳәм еркинлестириў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириў ҳәм модернизациялаў бойынша узақ мүддетли ҳәм изшил реформалар ең әҳмийетли жөнелислер сыпатында белгиленгени, оның әҳмийети қандай дәрежеде екенлигин де көрсетеди.

Ең әҳмийетлиси, суд-ҳуқық системасын реформалаў, оның түп тийкарында болса, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери мәмлекет басшысының барқулла итибарында десек қәтелеспеген боламыз. Болып өткен видеоселектор жыйналысында бул айқын сезилип турды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Суд-ҳуқық системасына қаратылып атырған итибар ҳәм тараўда болып атырған реформалардың унамлы нәтийжелери сыпатында, усы жылдың өткен 5 айы даўамында тергеў уйымлары тийкарсыз айып қойған 323 пуқара судлар тәрепинен ақланған, 1.854 шахсқа қойылған айыплаўлар тийкарсыз деп табылған. Өткен 2019-жылда 236 ақланған шахсқа мәмлекет есабынан 6,7 миллиард сўмлық материаллық ҳәм мораллық зыянлары өндирип берилген. Әлбетте, бул судлар тәрепинен әдилликтиң тикленгени. Соның ушын да келешекте судьялық лаўазымын ийелеў ушын белгили ис стажына ийе болыў, Судьялар жоқарғы мектебин оқып тамамлаў сыйақлы талаплар қойыў арқалы танлаў

күшейттирилгенлиги ҳәм оның унамлы тәреплери итибарға алынып, халық аралық стандартларды кеңнен ен жайдырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Жоқарыдағылардан келип шығып айтыў мүмкин, мәмлекетимизде Әдил судлаўды тәмийинлеўге тек ғана суд ҳәкимияты өзи алып баратуғын хызмети жетерли болмайды. Әсиресе, адамларымызды әдилликке болған исенимин беккемлеў, сондай-ақ, «Суд имәратына келген ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдиллик бар екенлигине исенип шығыўы керек» деген Президент талабын орынлаў – мәмлекетимиздиң пүткил бир суд-ҳуқық системасына бирдей байланыслы.

 

 

Р.Назаров

Кегейли районы

ҳәкимшилик судының баслығы

 

05.08.2020 10:29:43 790