Көшпели хызметтен баслы мақсетимиз халқымызды разы қылыў

05.03.2020 12:34:45 906 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң мобил автобусында район орайынан алыс аймақларда көшпели хызметлер көрсетилип келинбекте. Солардан бири гезектеги мәнзилимиз 5622 халық саны, 915 хожалықтан ибәрат болған Абат аўыл пуқаралары жыйынлары турғынларының аўырын жеңил, узағын жақын қылыў мақсетинде көшпели хызметлер шөлкемлестирилди. Бул көшпели хызметке Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков қатнасты.

Бул аймақта да халықты мәмлекетлик хызметлерине мүтәжлик сезилерли дәрежеде. Себеби буның айқын дәлийли сыпатында;

-турақ жайымыздың кадастр ҳүжжетин ислетиўимиз,

-ақылықларымызды балалар бақшасына жайлыстырыўымыз ушын нәўбетке жазылыўымыз ушын орайға барыўыма ўакыт таба алмай атыр едим,-дейди аймақ тургыны Дауменова Бийбиайым апа.

– Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери келип тәшўишлеримизди жеңиллестирди, туўрысын айтсам, мәмлекеттиң биз туўралы қайғуратуғынлығын көрип, билип сеземиз деп қосымша айтып өтти.

Сондай-ақ сол аймақтың Сапалақ палуан елаты турғыны Дауменова Бийбиайымның мүрәжаты- аўылға 3-санлы мектептиң филиалы қурылып атыр еди, кейинги 1 айдан берли қурылыс жумыслары тоқтап қалғанлығын, ҳәмде ақылықларымыз усы жыл мектепке барыўы ушын тез арада қурылысын жуўмақлаўы бойынша өзиниң мүрәжатын билдирди.

Буннан соң Тоқманғыт елаты турғыны Палуаниязов Оразымбет өзиниң мүрәжаты яғный, спортты раўажландырыў, жасларды спорт пенен шуғылланыўы ушын аймақтағы 39-санлы мектепке спорт зал қурылыў кереклиги бойынша, сондай-ақ елатымыз газ тармағына жалғаныўы бойынша районлық Гәз филиалына бир неше рет арза менен мүрәжат еткенимизде бүгинги күнге шекем ҳеш қандай жуўап келмегенлигин айтып, аймағымызды гәз тармағына жалғап берилиўин сорап өз мүрәжатын билдирди.

Бул пуқаралардың мүрәжатлары бойынша Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков бул мәселелердиң шешими бойынша тийисли органларға Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы тәрепинен усыныс киритилиўин айтып өтти, қалаберди усындай көшпели хызметлерден мазмунлы пайдаланыў, сондай-ақ Республикамызда қабыл етилип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, агентликтиң мақсет ҳәм ўазыйпалары, мәмлекетимиз тәрепинен пуқараларға жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында ҳәмде бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан пайдаланыў имкәниятлар бар екенлиги ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.

Бундай көшпели хызметлерден баслы мақсетимиз халықты разы қылыў деген идеаға муўапық нәтийжеде аймақ турғынларына жәми 70 тен аслам көшпели хызметлер көрсетилип, соннан 2 пуқара юридик шахс шөлкемлестирместен дийхан хожалығын жүргизиў бойынша өз исбилерменлигин көшпели хызмет арқалы дизимнен өткерилди.

Т.Утегенов    Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнийгеси

05.03.2020 12:34:45 907