Юридикалық ҳәм физикалық шахслардың электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин (есаплағышларды) шешиў, мәмлекетлик стандарттан өткериў, ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў жөнелислери төмендегилер есапланады:
- Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қатнасыўын талап ететуғын тәртиплер санын ҳәмде оларды көрсетиў мүддетлерин түптен қысқартыў;
- Юридикалық ҳәм физикалық шахслардан басқа мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлерден алынатуғын ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар талап етилиўин бийкар етиў;
- Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде бюрократик тосықларға жол қоймаў мақсетинде мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер ортасында мәкемелер ара өз-ара электрон шериклик орнатыў;
- Мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер искерлигиниң нәтийжелигин, тезлигин ҳәм ашықлығын тәмийинлеў, олардың жуўапкершилиги ҳәм орынланыўын күшейтиў.
Есапқа алыў үскенелерине 2019-жыл 1-ноябрьге шекемги рәсмийлестирилген мәмлекетлик стандарттан өткериў сертификатларының әмел қылыў мүддети өз күшинде қалады.
Тәбийий газды есапқа алыў үскенесин (есаплағышты) шешиў, мәмлекетлик стандарттан өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў
- Есаплағышты шешиў ҳәм орнатыў ушын жыйым өндирилмейди;
Есапқа алыў үскенесин мәмлекетлик стандарттан өткериў ушын:
- Физикалық шахслардан базалық есаплаў муғдарының 20 пайызы (44600 сўм)
- Юридикалық шахслардан базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси (334500 сўм) муғдарында жыйым өндириледи.
Мәмлекетлик хызметлерин ЯИДХП (арза бериўшилер интернет тармағы арқалы өзи ислегенде) арқалы көрсетилгенде төлем муғдарының 90 пайызы
- Физикалық шахзслардан 40140 сўм
- Юридикалық шахслардан 301050 сўм өндириледи.
Есапқа алыў үскенелерин мәмлекетлик стандарттан өткериў ўақты:
- Физикалық шахслар ушын – 8 жыл;
- Юридикалық шахслар ушын – 4 жылды қурайды.
Белгиленген мүддети:
- есаплағышты шешиў ушын – 5 жумыс күни
- мәмлекетлик стандарттан өткериў ушын – 3 жумыс күни
есаплағышты орнатыў ушын – 3 жумыс күни ишинде әмелге асырылады.
Электр энергиясын есапқа алыў үскенесин (есаплағышты) шешиў, мәмлекетлик стандарттан өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў
- Есаплағышты шешиў ҳәм орнатыў ушын жыйым өндирилмейди;
Есапқа алыў үскенесин мәмлекетлик стандарттан өткериў ушын:
- Физикалық шахслардан (турмыслық мүтәжликлер ушын электр энергиясынан пайдаланыўшы физикалық шахслардан тысқары) базалық есаплаў муғдарының 20 пайызы (44600 сўм)
- Аймақлық электр тармақлары кәрханасынан (турмыслық мүтәжликлер ушын электр энергиясынан пайдаланыўшы физикалық шахслар ушын) базалық есаплаў муғдарының 15 пайызы (33450 сўм)
- Юридикалық шахслардан базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси (334500 сўм) муғдарында жыйым өндириледи.
Мәмлекетлик хызметлерин ЯИДХП (арза бериўшилер интернет тармағы арқалы өзи ислегенде) арқалы көрсетилгенде төлем муғдарының 90 пайызы
- Физикалық шахзслардан 40140 сўм
- Юридикалық шахслардан 301050 сўм өндириледи.
Есапқа алыў үскенелерин мәмлекетлик стандарттан өткериў ўақты:
- Физикалық шахслар ушын – 8 жыл;
- Юридикалық шахслар ушын – 4 жылды қурайды.
Белгиленген мүддети:
- есаплағышты шешиў ушын – 5 жумыс күни
- мәмлекетлик стандарттан өткериў ушын – 3 жумыс күни
- есаплағышты орнатыў ушын – 3 жумыс күни ишинде әмелге асырылады.
Ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенесин (есаплағышты) шешиў, мәмлекетлик стандарттан өткериў ҳәм орнатыў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў
- Есаплағышты шешиў ҳәм орнатыў ушын жыйым өндирилмейди;
Есапқа алыў үскенесин мәмлекетлик стандарттан өткериў ушын:
- Физикалық шахслардан базалық есаплаў муғдарының 20 пайызы (44600 сўм)
- Юридикалық шахслардан базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси (334500 сўм) муғдарында жыйым өндириледи.
Мәмлекетлик хызметлерин ЯИДХП (арза бериўшилер интернет тармағы арқалы өзи ислегенде) арқалы көрсетилгенде төлем муғдарының 90 пайызы
- Физикалық шахзслардан 40140 сўм
- Юридикалық шахслардан 301050 сўм өндириледи.
Есапқа алыў үскенелерин мәмлекетлик стандарттан өткериў ўақты:
- Физикалық шахслар ушын – 8 жыл;
- Юридикалық шахслар ушын – 4 жылды қурайды.
Белгиленген мүддети:
- есаплағышты шешиў ушын – 5 жумыс күни
- мәмлекетлик стандарттан өткериў ушын – 3 жумыс күни
- есаплағышты орнатыў ушын – 3 жумыс күни ишинде әмелге асырылады.
Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы