ПАРЛАМЕТЛЕР БИРГЕ ИСЛЕСЕДИ

12.06.2025 10:05:32 3 Баспаға шығарыў

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Болгария Республикасы Президенти Румен Радев пенен ушырасыўы биз депутатларды үлкен қуўанышқа бөледи.

Себеби Болгария Президенти мәмлекетимизде болып өтип атырған Ташкент халықаралық инвестиция форумы Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық раўажланыўы ҳәм халықаралық инвестициялық бирге ислесиў ушын әҳмийетли платформа екенин атап өтти. Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында еки мәмлекет арасында парламентлераралық қатнасықларды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда парламентлераралық сөйлесиўдиң орны ҳәм әҳмийетине итибар қаратылып, Болгария Президенти парламентлер арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге күшли түртки болатуғыны атап өтилди.

Еки мәмлекет парламентлери арасында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, палаталар ҳәм тийисли комитетлердиң басшылары дәрежесинде турақлы ушырасыўлар өткериў, парламентлераралық дослық топарларының биргеликтеги режелерин ислеп шығыў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў зәрүр екенлиги ҳаққында бирдей пикир билдирди.

Албетте усындай уллы ушырасыўдан тәсирленип парламент ағзалары ҳәмде жергиликли Кеңес депутатлары еледе жумысларын жеделлестирип өз ўәкилликлеринен кеңнен пайдаланып халықтың исенимин ақлаўда үлкен түрти болды.

 

Б.Искендеров

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариат баслығы

 

12.06.2025 10:05:32 4