Европаның және бир раўажланған мәмлекети менен стратегиялық байланыслардың жаңа басқышы.

11.06.2025 18:17:07 1 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Болгария Республикасы Президенти Румен Радевтиң рәсмий делегациялар қатнасыўындағы ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў  мәселелери көрип шығылды. Парламентлер, экономика ҳәм сыртқы сиясат тараўлары арасындағы бирге ислесиў жеделлескени атап өтилди.

Еки мәмлекет арасында товар алмасыў көрсеткишлери өспекте, кооперацияның жаңа бағдарлары ҳәм жойбарлары ислеп шығылмақта. Гуманитарлық алмасыўлар әмелге асырылмақта, Бухара ҳәм Варна, Самарқанд ҳәм Пловдив арасында дослық байланыслары орнатылған.

Саўда, тоқымашылық, азық-аўқат, химия ҳәм фармацевтика өнимлери, метал  буйымлар ҳәм технологиялық үскенелер жеткерип бериўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика, геология, жасалма интеллект, санлы технологиялар, туризм тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп алынды.

Нәтийжели жер үсти ҳәм ҳаўа транспорт коридорларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы мәнисте, тәреплер еки мәмлекет арасында тиккелей авиа қатнаўларды жолға қойыў имканиятын көрип шығыўға келисип алды.

Мийнет ресурслары тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў ушын София қаласында Өзбекстан Республикасы Миграция агентлигиниң ўәкилханасын ашыў мәселеси алға сүрилди.

Өзбекстан ҳәм Болгария Республикасы менен стратегиялық байланыслардың жаңа басқышы мәмлекетимиздиң сыртқы сиясат жүргизиўинде, сырт мәмлекетлер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў бағдарында және бир басқышы десек болады. Буның нәтийжесинде елимиздиң халықаралық майдандағы абырайы беккемленип, күш-қүдирети жоқарылап бара береди.

 

Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты Б.Матеков

11.06.2025 18:17:07 2