Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ушырасыўына таярлық көриў мақсетинде исбилерменлердиң мүрәжат ҳәм усынысларын үйренип шығыў ушын Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими тәрепинен райондағы исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерилмекте.
Бүгин бөлим жуўапкерлери райондағы «MIYRAS FURNITURA» ЖШЖ ниң жумысларын үйренди. Исбилерменниң мүрәжаты унамлы шешилип, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 14.09.2023 жылғы ПҚ-306 санлы қарарына тийкар “Мебель ислеп шығарыў цехын жәнеде кеңейтиў” мақсетинде Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Кегейли районлық бөлиминиң әмелий жәрдеми менен 7-жыл муддетке жыллық 18 % пенен 100 млн сум жеңиллетилген кредит қаржысын ажыратылып, жумыс бараысында керекли болған асбап-үскенелерди сатып алыўға еристи.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети