Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП Кегейли районлық Кеңеси баслығы М.Мырзатаев партияның “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде округ аймағында болды.
Дәслеп аймақтағы 39-санлы улыўма билим бериў мектебинде аймақ пуқаралары, мектептиң мийнет жәмәәти менен ушырасып мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған Президент Пәрманлары ҳәм ҳүкиметлик қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, сондай-ақ аймақта орын алып атырған машқалаларды шешиў илажлары ҳаққындағы мәселелерге айтып өтилди.
Буннан соң аймақтағы социаллық объектлер ҳәмде бир қатар шаңарақларда болып ҳал жағдайларынан хабар алды.