ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИ ШЕШИМИ: Өзбекстан саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими баслығының исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи, исбилерменлик искерлигине көмеклесиў ҳамде инвестиция шәраятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында.

13.12.2023 10:35:59 77 Баспаға шығарыў

Өзбекстан саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими баслығының исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи, исбилерменлик искерлигине көмеклесиў ҳамде инвестиция шәраятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Өзбекстан саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи, исбилерменлик искерлигине көмеклесиў ҳамде инвестиция шәраятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳақкында Өзбекстан саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими баслығы Б.Жанабаевтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары (Б.Қадиров), ҳәким орынбасарлары (Б.Байжанов, А.Төремуратов, Р.Ережепов) аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери ҳәмде тйисли шөлкемлер менен биргеликте:

– хәр бир аймаққа шыққан ҳалда исбилерменлердиң машқалалары ҳәмде усынысларын үйрениў;

– халықтың исбилерменлик пенен шуғылланыў дәрежесин көбейтиў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын алып барыў;

– аймақлардағы жумысы тоқтап қалған исбилерменлик субъектлериниң  жумысларын үйренип шығып, олардың искерлигин қайта баслаў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Өзбекстан саўда-санаат палатасы Кегейли районлық бөлими (Б.Жанабаев)

район аймағындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары хәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейттириў, исбилерменлик ҳәмде инвестиция шәраятларын жақсылаўға ҳәр тәреплеме көмеклесиў илажларын көрсин.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Кегейли районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Қадировқа ҳәмде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.
13.12.2023 10:35:59 78