Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының 2023 жыл 9 айы даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға байланыслы жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығы Р.Бекмуратованың 2023-жылдың 9 айы даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға байланыслы жумыслары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды (Р.Бекмуратова) жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеўде профилактикалық илажларды әмелге асырыў, әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын тәмийинлеў жумысларының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған зәрүр иләжларды белгилесин.
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары суд тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде шығарылған уйғарыўлардың кең жәмийетшилик арасында кеңнен додаланыўын шөлкемлестириў ҳәмде судлардың қатнасыўында ҳуқықый, үгит-нәсият илажларын турақлы түрде шөлкемлестирип барсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша” турақлы комиссиясы (М.Аймуратов) тараўлар, пуқаралар жыйынлары ҳәм ҳуқық қорғаў органлары ўәкиллери менен биргеликте:
– мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жүз берген жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың алдын алыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шәраят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барсын.
5. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша» турақлы комиссиясына жүкленсин.