Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде алып барып атырған жумыслары ҳаққындағы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (Г.Жуманазарова):
– турақлы комиссияның жумысларын буннан былайда нәтийжели шөлкемлестириў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын иләжлар белгилесин;
– турақлы комиссияның ис режесинде белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин;
– район аймағындағы қурылыс объектлеринде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысын турақлы түрде қадағалап барсын;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-408, ПҚ-465, ПҚ-500,
ПҚ-4889-санлы сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
52 ҳәмде 500-санлы Қарарларының район аймағында орынланыўы бойынша ҳәр айда кеминде бир мәрте турақлы комиссия мәжилислеринде додалап барсын;
- Турақлы комиссия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кең түрде жарытып барсын.