Кегейлиде тәжирийбе алмасыў семинары өткерилди

12.08.2023 16:04:21 172 Баспаға шығарыў

Бүгин, 5-август күни Кегейли районында Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслери Секретариатлары баслықлары ҳәм қәнигелериниң тәжирийбелерин арттырыўға бағышланған көргизбели семинар болып өтти.
Семинарды Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариат баслығы У.Утегенов кирис сөз бенен ашты ҳәм семинарды өткериўдеги мақсет ҳәм тәжирийбе алмасыўдың әхмийетине кеңнен тоқталып өтти.

Буннан соң, қатнасыўшылар Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариаты хызмет ханалары ҳәмде Секретариат хызметкерлерине жаратылган шарт-шараятлар менен танысты. Бугинги кунде Халық депутатлары районлық Кеңеси Секретариаты хызметкерлериниң өзлерине жуклетилген ўазыйпаларды толық атқарыўы ушын жетерлише шараятлар жаратылған болып, хызмет ханалары ажыратылған ҳәм материаллық-техникалық базасы беккемленген.
Соның менен бирге, семинар қатнасыўшылары Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариатында ҳүжжетлер менен ислесиў жумысларының барысы (номенклатура) менен танысты. Ҳужжетлердиң жүритилиўи бойынша өз-ара пикир алмасып, өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Соның менен бирге семинар қатнасыўшылары Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларын өткериўге таярлық көриў илажлары ҳәмде өткерилген сессия мәжилислерин рәсмийлестириў тәртиби ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.
Семинар даўамында қатнасыўшылар Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилисине қатнасты.

Күнниң екинши ярымында семинар қатнасыўшылары райондағы «Ақтуба» АПЖ аймағында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги “Жаңа Өзбекстан массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32- санлы Пәрманы тийкарында жаңадан қурылып атырған имәратлардың қурылыс жумыслары ҳамде “Халқабад” МПЖ аймағындағы мәлимлеме китапхана орайында жаратылған шәрт-шараятлар менен танысты.

Соңынан семинар қатнасыўшылары Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 12-Бердах сайлаў округинен депутат Г.Жуманазарованың 2023 жылдың 6 айы даўамында депутатлық искерлигинде әмелге асырылған жумысларының барысы бойынша өз сайлаўшыларға есабат бериў жыйналысына қатнасып жыйналыстың өтиўи бойынша өз-ара пикирлер алмасты.
Көргизбели семинар жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы Ш.Өтемисов қатнасып семинардың өтиўи бойынша өзиниң усыныс ҳам пикирлерин билдирди.

12.08.2023 16:04:21 173