ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының аўҳалы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

11.07.2023 08:55:31 70 Баспаға шығарыў

Кегейли районы әдиллик бөлими баслығының мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде  ҳуқықты қолланыў әмелиятының аўҳалы туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени көрип шығып  ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21 ҳәм 211-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Кегейли районы әдиллик бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшысы Б.Икметуллаевтың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының аўҳалы туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Кегейли районы әдиллик бөлими (Б.Икметуллаев):

-мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў тараўындағы жумысын турақлы түрде муўапықластырыў арқалы олардың норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин орынлаўшыларға жеткериў, ҳалық арасында үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысын түптен жетилистириў бойынша тәсиршең илажлар көрсин;

– мәпдар шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелерде “Ҳуқықый мәлимлеме күни” жойбарын толық жолға қойыўда анық бир күнди белгилеп, алдыннан келисилген бағдар бойынша маман қәнигелер тәрепинен ҳалыққа ҳуқықый түсиниклер берилиўин тәмийинлесин;

– жаңадан қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орынлаўшыларға      өз ўақтында жеткерсин ҳәм барлық мәмлекетлик уйымлардың усы бағдардағы жумысларының мониторингин алып барсын;

– мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик  ҳәкимят уйымлары жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир қәлипте тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң юридикалық ҳизметлер жумысларын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў тараўындағы жумысларын еледе күшейттирсин;

-пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый жақтан қорғаў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде  ҳуқықты қолланыў әмелиятының аўҳалы  туўралы ҳәр шеректе Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мәлимлеме киритип барсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша турақлы комиссиясына жүклетилсин.
11.07.2023 08:55:31 71