Миллионлаған инсанларды өмирден алып кеткен, мыңлаған аўыл ҳәм қалаларға ўайраншылық, апатшылық келтирген фашизм үстинен ерисилген уллы жеңисте районымыз халқының да мүнәсип үлеси бар. Кегейли районынан Екинши жер жүзилик урысқа 4462 адам қатнасқан. Соннан 2857 жаўынгер көкиреги толы орден ҳәм медальлар менен елимизге аман-есен қуўысты. Ал, 962 азамат урыста мәртлерше қаза тапқан болса, 679 жерлесимиз бийдәрек жоғалған. Мине усы азаматларымызды еске алыў, оларды қәдирлей билиў биз келешек әўладтың алдында турған баслы ўазыйпаларымыздан бири. Усы мүнәсибет пенен Кегейли районында салтанатлы байрам илажы шөлкемлестирилип, онда район басшылары, белсендилери, нураныйлер, фронт арты мийнет ветеранларының шаңарақлары ҳәм жаслар қатнасты. Илаждың “Ҳәсиретли ана естелиги”не гүллер қойыў ҳәм оған тәжим етип, тыныш турмысымызға шүкирлик билдириў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары гимнлериниң көтериңки рухта жаңлаўы менен даўам етиўи жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады. Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов шығып сойлеўинде урыс қатнасыўшыларының уллы мийнетин баҳалап, бүгинги турмысымызда ҳәр биримиз оларға мүнәсип перзентлер болып, кәмилликке қарай бағдарланып жасаўымыз керек екенлигин атап өтти. Буннан соң, пүткил дуньяның тынышлығына, абадан турмысына үлес қосан, мәрт, жаўынгер марҳумларымыз руўхына қуран оқылып, жақсы тилеклер билдирилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial