ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 7-Дарўаза қум сайлаў округинен депутаты Қалханов Сарсенбай Оралбаевичти депутатлық қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға разылық бериў ҳаққында

14.03.2023 10:31:43 189 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының “Халық депутатлары ўәлаятлық, районлык ҳәм қалалык Кеңеси депутатының статусы ҳаққында”ғы Нызамының 12-статьясына муўапық ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының 2023-жыл                   4-марттағы  «Депутатты жынайый            жуўапкершиликке тартыўға ҳәм депутатлық қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға разылық алыў ҳаққында»ғы 18/2022-27ПГ-санлы усынысын қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының 2023-жыл 4-марттағы «Депутатты жынайый      жуўапкершиликке тартыўға ҳәм депутатлық қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға разылық алыў ҳаққында»ғы 18/2022-27ПГ-санлы усынысы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 7-Дарўаза қум  сайлаў округинен депутаты Қалханов Сарсенбай Оралбаевичти жынайый жуўапкершиликке тартыўға ҳәм депутатлық қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға разылық берилсин.
  3. Усы шешимниң бир нусқасы Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасына жиберилсин.
  4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Регламент ҳәм депутатлық әдеби мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

14.03.2023 10:31:43 190