ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ШЕШИМИ: Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығының тараўға тийисли қабыл етилген Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

14.03.2023 10:25:47 196 Баспаға шығарыў

Кегейли районы бойынша 3-7 жас аралығындағы балалар саны 5387-ни қурайды, бүгинги күнге район бойынша 16 мәмлекетлик, 46 мәмлекетлик емес шаңарақлық ҳәм                 3 мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта, оларға жәми 4062  бала қамтып  алынған болып, балаларды қамтыў дәрежеси 75,4 пайызды қурайды.

Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жәми 335 педагоглар бар болып, соннан мағлыўматы бойынша 132 жоқары мағлыўматлы, 203 орта арнаўлы мағлыўматлы, сыпат қурамы бойынша 3 педагог биринши категориялы, 31 педагог екинши категориялы ҳәм 78 педагог қәнигелер болып есапланады.

Ҳәр бир мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми компьютер менен тәмийинленген ҳәм 100 пайыз интернет тармағына жалғанған, тәлим-тәрбия барысын сыпатлы шөлкемлестириў мақсетинде министрлик тәрепинен  барлық шөлкемлерге дидактик материаллар толық жеткерип берилген, ҳәр түрли китаплар, оқыў-методик дидактик материаллар, көркем әдебиялар ҳәм ойыншақлар менен тәмийинленген.

2022 жыл даўамында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша жаңа имаратларды қурыў, ири оңлаў ҳәм реконструкция жумысларын жүргизиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, инвестиция дәстүри тийкарында «Қумшунгул» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты жаңадан қурылып (4 млрд. 849 млн. сўм муғдарында қаржы ажыратылған) пайдаланыўға тапсырылған.

Сондай-ақ жеригликли мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан «Жалпақ жап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 90 орынлық 12-санлы, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 90 орынлық 13-санлы ҳәмде “Абат аўыл” дәстүри тийкарында «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 90 орынлық 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң имаратлары жаңадан қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған.

 

Соның менен бирге Андижан ўәлаяты қәўендерлиги тийкарында райондағы                     13 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери суў тазалаўшы фильтр үскенелери менен тәмийинленген, “Mersi Corpus” халық аралық мәмлекетлик емес шөлкеминиң Өзбекстандағы филиалы тәрепинен 5 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 1,4 кВт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллери орнатылған.

Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығының тараўға тийисли қабыл етилген Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И

  1. Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы Г.Ерниязованың тараўға тийисли қабыл етилген Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими (Г.Ерниязова), мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте:

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларын Өзбекстан Республикасының “Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия ҳаққында”ғы Нызамының ҳәмде  тараўға тийисли қабыл етилип атырған Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң буйрыклары талаплары тийкарында шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў;

– балаларды тәрбиялаў ҳәмде оларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелерин профессионал дәрежеде шеше алатуғын мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми педагог кадрларын қайта таярлаў ҳәм билимин жетилистириў;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлери жумысында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм коррупцияның алдын алыў бойынша системалы жумыс алып барыў;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң бақлаў кеңеси жумысын талап дәрежесинде шөлкемлестириў, бунда мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми басшысының шөлкемниң жумысын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў туўралы есабатын бақлаў кеңеси мәжилисинде турақлы түрде еситиўди жолға қойыў;

– тәрбияланыўшылардың саламат аўқатланыўын белгиленген санитария қағыйдаларына, нормаларына ҳәм гигиена нормативлерине муўапық дурыс шөлкемлестириў тапсырылсын;

– тәрбияланыўшылардың саламат аўқатланыўын шөлкемлестириў ушын районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы  ҳәмде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорлары жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын;

– жәмийетшилик ҳәм ата-аналар менен бирге ислесиў жумысларын талап дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм жолға қойыў;

– мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў, олар ортасында бәсекени қәлиплестириў бойынша айқын илажлар белгилеў;

– усы шешимниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында 2023 жылдың 1 июнь сәнесине Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.

  1. Кегейли районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумыслары усы жылдың екинши шерегинде үйренип шығылсын ҳәм үйрениў нәтийжелери Халык депутатлары районлық Кеңесиниң сессиясында талқылаўға киритилсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлык Кеңеси депутатлары өз округлери аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринин жумыслары үстинен, әсиресе тәрбияланыўшылардың саламат аўқатланыўын шөлкемлестириў бойынша жумыслары үстинен турақлы түрде депутатлық қадағалаўын орнатсын.
  3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.
14.03.2023 10:25:47 197