Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл 5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында белгиленген ўазыйпалар ҳаққында ғы Халық депутатлары Кегейли районлық кеңеси шешими

19.12.2022 10:17:48 198 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл
5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында Президентимиз тәрепинен орынларда тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлерин буннан былайда жақсылаў ҳәм раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл
    5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор жыйналысында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша алып барылған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районлық медицина бирлеспеси баслығы М.Досбергеновтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов), районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов) Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте:

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл
5-май күни тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети жумысын жетилистириў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында белгиленген ўазыйпалардың басқышпа-басқыш әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша айқын илажлар белгилеў;

– тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызмети сапасын жақсылаўға бағдарланған зәрүр илажларды әмелге асырыў;

-аналар ҳәм балаларды топарларға ажыратып, олар менен мәнзилли ислесиўди жолға қойыў, халық ортасында  саламат турмыс тәризин қәлиплестириў;

-аналар ҳәм балалар өлими жағдайларының алдын алыў бойынша зәрүр шараларды көриў, бул бойынша жуўапкер шахслардың жуўапкершилигин асырыў;

-медицина тараўындағы ҳәр бир лаўазымға бүгинги реформаларды түсинетуғын, тәжирийбели, белсенди ҳәм тараўда өзгерис қылыўға талпынатуғын кадрлар менен тәмийинлеў;

-шаңарақ шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақ поликлиникалары, сондай-ақ көп тармақлы орайлық поликлиникаларында халыққа еле де сыпатлы медицина хызметлерин көрсетиў сыпатын кеңейтиў;

-кеселликлердиң алдын алыў ушын профилактикалық ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў;

– халықтың медициналық мәдениятын асырыў мақсетинде орынларда турақлы түрде репродуктив саламатлық, кеселликлер профилактикасы, некеден алдыңғы медициналық көриктиң әҳмийети бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын еледе күшейттириў илажларын көриў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы медицина бирлеспеси (М.Досбергенов) усы шешимниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында 2023 жылдын 1 апрель сәнесине Халық депутатлар Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат киритсин.
  2. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

 

19.12.2022 10:17:48 199