“КОРРУПЦИЯ-ПӘНЖЕРЕ АРТЫНА ЖОЛ” КИТАБЫНЫҢ ПРЕЗЕНТАЦИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

07.12.2022 09:50:49 310 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 6-декабрь күни Кегейли районы Хызмет көрсетиў техникумында оқытыўшы ҳәм талабалар арасында “9-декабрь — Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни” мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Мәмлекетлик емес, комерциялық емес шөлкемлер тәрепинен жарияланған грант жеңимпазы болған  Нөкис қаласы “Нәўпир” МПЖ турғыны Н.Жумағуловтың авторлығында баспадан шығарылған “Коррупция-пәнжере артына жол”, “Кишкенеге үлкен тәрбия” китапшаларының презентациясыда болып өтти.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар тәрепинен “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халқымыздың жеткиликли турмыс кешириўи ушын алып барылып атырған реформалар ҳаққында айтып өтилди.

Сондай-ақ, “9-декабрь — Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни” мүнәсибети менен коррупцияның унамсыз ақыбетлери ҳаққында тоқталып, коррупция — бул жәмийетти түрли жоллар менен искенжеге алатуғын қорқынышлы иллет екенлиги, ол демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына иритки салатуғынлығы, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келетуғынлығы, базарлар искерлигине тосқынлық қылыўы, адамлар қәўипсизлигине иритки салатуғын жәмлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа да ҳәдийселер тамыр атып, гүллениўи ушын шараят жаратып беретуғын иллет екенлигин атап өтти.

Илажға Кегейли районы бас имам хатиби А.Юсупов, “Коррупция-пәнжере артына жол”, “Кишкенеге үлкен тәрбия” китапшалары авторы Н.Жумағулов, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси К.Аллахов ҳәм Республика руўхый-ағартыў орайы районлық бөлими бас канигеси Р.Саршаевлар қатнасты.

 

Кегейли районы мәлимлеме хызмети

07.12.2022 09:50:49 311