ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

06.12.2022 16:33:06 135 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт,  социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде:

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022 жыл 14-майдағы «Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының орынланыў барысы туўралы 184-К/22-санлы шешиминиң орынланыў барысы ҳаққында.

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.

– Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерде бос (вакант) турған директор лаўазымына таӊлаў жолы менен талабанлар усыныў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.

06.12.2022 16:33:06 136