Социаллық жәрдемге мүтәж хожалықлар қоллап-қуўатланады

06.12.2022 12:22:54 381 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 5-декабрь күни ϴзбекстан Республикасы Президентиниң  Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев басшылығында қала ҳәм районлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумысларды системалы тәризде қадағалаў ҳәмде халықтың мүрәжатларын үйрениў, оларға әмелий жәрдем бериў бойныша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелерине арналған видеоселектор мәжилиси болып ɵткен еди.

ϴткерилген мәжилисте, айрықша итибар, ҳәр бир район, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған болып, бул бойынша дүзилген исши топар тәрепинен мәнзилли дизимлери қәлиплестирилип, оларды қыс мәўсиминде материаллық жақтан әмелий жәрдемлер кɵрсетиў бойынша сектор басшылары, депутатлар ҳәм мәҳәлле белсендилерине бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы тийкарда Кегейли районында жәми 13702 хожалықтан 241 хожалық социаллық жәрдемге мүтәж болып табылған болса, усы шаңарақлардың социаллық машқалаларын үйрениў ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан әмелий жәрдем бериў бойынша бүгин район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында сектор басшылары менен биргеликте мәжилис ɵткерилди. Мәжилисте, секторлар кесиминде кɵрсетилген ҳәр бир хожалықтан хабар алыў, материаллық жәрдемлер кɵсетиў ҳәм усыныслар киритиў бойынша депутатлар ҳәм район белсендилерине ўазыйпалар бɵлистирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

06.12.2022 12:22:54 382