АЛИМЕНТ ӨНДИРИЎ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ИСЛЕРДИ КӨРИЎ ТӘРТИБИ

28.11.2022 17:28:58 223 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 64-статьясына көре, ата-аналар өз перзентлерин ержеткенге шекем бағыў ҳәм тәрбиялаўға мәжбүр екенлиги белгиленген болса, Шаңарақ кодексиниң 96,100-статьяларында ата-ананың ержетпеген балаларына, сондай-ақ ержеткен мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балаларына тәмийнат бериўи шәрт екенлиги белгиленген.

БМШның «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы Конвенциясы талаплары сәўлеленген ҳалда ислеп шығылған мәмлекетимиз Шаңарақ кодексинде ержетпеген ҳәм ержеткен мийнетке жарамсыз балалардың материаллық тәмийнат алыў ҳуқықы анық белгилеп қойылған.

Ержетпеген ҳәм ержеткен мийнетке жарамсыз балалардың материаллық тәмийнат алыў ҳуқықын тәмийинлеў мақсетинде судларда алимент өндириў ҳаққындағы ислер ушын нызамшылық бир қатар процессуал өзгешеликлерди нәзерде тутады.

Алимент өндириў ҳаққындағы ислер судта даўа тәртибинде көриледи, егер тартыс болмаса суд буйрығын шығарыў арқалы да ержетпеген балалар ушын алимент өндириў мселеси шешиледи. Бундай жағдайда балаға әкелик белгиленген болыўы керек.

Нызамға муўапық ержетпеген, сондай-ақ ержеткен мийнетке жарамсыз, жәрдемге мүтәж балалар тәмийнаты ушын тәреплер келисимине көре ықтыярлы түрде (нотариал тәртипте рәсмийлестириў талап етиледи) сондай-ақ суд тәртибинде өндириледи.

Алимент төлеў ҳаққында ата-ана ортасында келисим болмағанда, сондай-ақ алимент ықтыярлы түрде төленбегенде ҳәм ата-анадан ҳеш бири алимент өндириў ҳақкындағы талап пенен судқа мярәжат қылмаған жағдайларда, ержетпеген балаларына тәмийнат бериў миннетлемесин ықтыярлы түрде орынламаған ата(ана)дан алимент өндириў ҳаққындағы даўа менен 14 жасқа толған бала мүрәжат қылыўға ҳақылы.

Ата-ана қарамағынан айырылған ержетпеген балалар тәмийнаты ушын алимент әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары, ата-ана қарамағынан айырылған жетим балалар ҳәм балалар ушын мәкемелери, сондай-ақ прокурор даўасына көре, судтың шешиўши қарарына тийкар өндириледи.

Алимент өндириў ҳаққындағы даўа арза судлаўға тийислиликтиң улыўма қағыйдаларына көре жуўапкердиң жасаў орны бойынша бериледи, сондай-ақ ППКниң 34-статьясының  3-бөлимине муўапық арза бериўши яки даўагердиң өзи жасап турған орынға да берилиўи мүмкин.

Алимент өндириў ҳаққындағы арза яки даўа арза бергенлиги ушын мәмлекетлик бажы Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамының 8-статьясы 2-бәнти, сондай-ақ ППКниң 174-статьясының 1-бөлимине муўапық өндирилмейди.

Алимент өндириў ҳаққындағы даўалар бойынша даўаның баҳасы бир жыллық толемлердиң жыйындысына қарап белгиленеди (ППКниң 129-статьясы).

Суд алимент өндириў ҳаққындағы ислер бойынша жуўапкердиң судқа келиўи шәрт деп табыўы мүмкин. Егер бундай жағдайда жуўапкер суд тәрепинен кеширимли емес деп табылған себеплерге көре суд мәжилисине келмесе, ол мәжбүрий тәртипте келтириледи ҳәм ППКниң 146-статьясында нәзерде тутылған тәртипте жәриймаға тартылады.

Алимент өндириў ҳаққындағы ислер суд додалаўына тайынланған күннен баслап жигирма күннен кешиктирмей биринши инстанция суды тәрепинен көрилиўи керек.

Алимент өндириў ҳаққындағы судтың қарары ППКниң   266-статьясына көре дәрҳал орынланыўы лазым.

 

М.Адилова.

Пуқаралық ислери бойынша

Нөкис районлар аралық суды судьясы

 

28.11.2022 17:28:58 224