ЮРИДИКАЛЫҚ ФАКТЛЕРДИ БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ ИСЛЕРДИ СУДТА КӨРИЎ ТӘРТИБИ

28.11.2022 17:24:04 144 Баспаға шығарыў

Пуқаралық суд ислерин жүритиў түрлериниң бири сыпатында суд әмелиятында айрықша тәртипте көрилетуғын ислер жүдә әҳмийетке ийе. Юридикалық фактлерди белгилеўдиң суд тәртиби пуқаралардың Конституцияда белгиленген жеке ҳәм мүлклик ҳуқықларының, мийнетке, неке ҳәм шаңараққа тийисли ҳәмде басқа ҳуқықлардың қорғалыўын,сондай-ақ мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң мүлкке болған ҳуқықларын қорғаўға да хызмет қылады.

Юридикалық фактлерди белгилеў ҳаққындағы ислер бойынша нызамлы тийкарлы ҳәм әдил түрде шешиўши қарарларды шығарыў пуқаралар ҳәмде шөлкемлердиң ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлейди.

Юридикалық фактлерди суд тәртибинде белгилеўдиң өзи бирнеше түрлерге бөлинеди. Пуқаралық процессуал нызамшылығында пуқаралар яки шөлкемлердиң жеке, мүлклик ҳуқықлары жүзеге келиўи, өзгериўи яки тамамланыўына себеп болатуғын төмендеги фактлерди суд тәртибинде белгилеў көрсетилген:

1) шахслардың туўысқанлық қатнасықлары;

2)  шахс биреўдиң қарамағында екенлиги;

3) әкеликти тән алыў (белгилеў), баланың сол анадан туўылғанлығы, сондай-ақ туўылғанлық ўақты;

4) перзентликке алыўды, некени, некеден ажыратыўды ҳәм өлимди дизимге алынғанлығы;

5) ерли-зайыплыдан бири өлгенлиги ақыбетинде пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымларында некени дизимнен өткизиў мүмкин болмай қалса, нызамда белгиленген жағдайларда олардың ҳакыйқатында неке қатнасықларында болғанлығы;

6) шахстың ҳукықын белгилеўши ҳүжжетлерде (жәмийетлик бирлеспелерге ағзалық билетлери, әскерий ҳүжжетлер, паспортлар яки иденфикациялаўшы ID карталар, пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымлары беретуғын гуўалықлардан тысқары) көрсетилген фамилиясы, аты яки әкесиниң аты оның паспортындағы яки идентификациялаўшы ID картасындағы ямаса туўылыў ҳаққындағы гүўалығындағы фамилиясы, аты яки әкесиниң аты менен сай келмеген жағдайда усы ҳүжжетлердиң оған тийислилиги ямаса тийисли емеслиги;

7) бахытсыз ҳәдийсе;

8) имаратқа жеке мүлк ҳукықы тийкарында ийелик қылыўы;

9) мийрасты қабыл қылыў ҳәм мийрастың ашылыў орны фактлерин анықлаў ҳаққындағы ислерди көреди.

Туўысқанлық қатнасықлары суд тәртибинде тиккелей юридикалық ақыбетлерди келтирип шығарса ғана мәселен, егер бундай фактти анықлаў арза бериўшиге мийрас болған ҳуқық ҳаққындағы гүўалық алыў, бағыўшысы жоғалтқанлығы себепли напақа рәсмийлестириў ушын ҳәм басқа жағдайларда зәрүр болса анықланады.

Туўысқанлық катнасықлары фактин белгилеў ҳаққындағы арзаны қабыл етиўде судья пуқараның пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў мәмлекетлик уйымларының жойтылған туўылыў ҳақкындағы акт жазыўын тиклеўден бас тартыў ҳаққындағы жуўмағын яки арза бериўшиниң ямаса оларға қарата арза берилген шахслардың туўылғанлық яки неке ҳаққындағы гүўалығын алыўдың илажы жоқ екенлиги ҳаққындағы мағлыўматты әлбетте талап қылып алыўы лазым.

Егерде арза бериўши пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў мәмлекетлик уйымлары тәрепинен берилетуғын гүўалықта фамилиясы, аты яки әкесиниң аты надурыс жазылғанлығын көрсетип туўысқанлық қатнасықлары фактин белгилеўди сораса, суд бундай арзаны юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди белгилеў тәртибинде көриўге ҳақылы емес, талап мазмуны бойынша акт жазыўындағы қәтеликлерди дүзетиў зәрүрлигинен ибарат.

Шахс қарамағында болғанлық факти қайтыс болған шахстың қарамағында болғанлық фактин белгилеў, егерде берип келинген жәрдем арза бериўшиниң турмыс кешириўи ушын турақлы ҳәм тийкарғы дерек болған болса, мийрас алыў, напақа тайынлаў яки зыянды төлетиў ушын әҳмийетке ийе есапланады. Арза бериўши ис ҳакы, напақа, стипендия алып келген яки басқа дәрамат дерегине ийе болған жағдайларда, бағып келген шахс тәрепинен берилген жәрдем арза бериўшиниң жасаўы ушын турақлы ҳәм тийкарғы дерек болған-болмағанлығын анықлаў талап етиледи.

Бағыўшының кайтыс болғанлығы мүнәсибети менен напақа тайынлаў ушын биреўдиң қарамағында болғанлық факти нызамшылық пенен ўәкиллик берген уйымның (атап айтқанда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары) мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Мийрасқа болған ҳукықты рәсмийлестириў мақсетинде, биреўдиң қарамағында болғанлық фактин белгилеў ушын карамағындағы адам мийрас  қалдырыўшының қайтыс болған ўақтында  мийнетке жарамсыз болып, марҳумның өлимине шекем кеминде бир жыл оның қарамағында болған болыўы ҳәм оның менен биргеликте жасаған болыўы шәрт (Пуқаралық кодексиниң 1141-статьясы). Егерде қарамағында болғанлық бир жылдан кем даўам еткен болса, суд бул фактти белгилемейди. Мийрас қалдырыўшы менен қарамағында болған шахс ортасында туўысқанлық қатнасықларының бар-жоқлығы әҳмийетке ийе емес.

Әкеликти тән алыў, баланың сол анадан туўылғанлығы, сондай-ақ туўылған ўақтын белгилеў юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерден бири. Әкеликти тән алыў фактин, әкелик фактин белгилеў ҳаққындағы арзаны бериў яки көриў ўақтында судқа тийисли болған ҳуқық ҳаққындағы тартыс келип шықса арза көрместен қалдырылады, арза бериўши ҳәм басқа мәпдар шахсларға келип шыққан тартысты даўа тәртибинде шешиў ҳуқықы түсиндириледи (ППКниң 122-статьясы                            7-бәнти).

Әкеликти тән алыў факти суд тәрепинен қайтыс болған шахс балаға қарата өзиниң әкесин екенлигин исенимли тастыйықлаўшы ҳәр тәреплеме тексерилген мағлыўматларға тийкарланып белгилениўи мүмкин. Баланың анасы менен некеде болмаған шахс қайтыс болған жағдайда, суд әкелик фактин яғный баланың сол шахстан келип шыққанлығы фактин белгилеўге ҳақылы.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуал кодексиниң                     295-статьясы 2-бөлиминиң 4-бәнтине муўапық перзентликке алыў, неке, некеден ажыратыў ҳәм өлгенлик фактин емес, олардың ПҲАЖ уйымларында дизимге алынғанлығы фактин анықлаў судта айрықша тәртипте көриледи.  Егер ПҲАЖ уйымында тийисли жазыўлар архив ҳүжжетлери жоғалғанлығы себепли сақланбаған ҳәм бундай жазыўларды тиклеў ПҲАЖ уйымлары тәрепинен бас тартылған болса суд тәрепинен анықланады.

Некеден ажыратыўды дизимге алынғанлық фактин анықлаўды сорап судқа ерли-зайыплының екеўи де мүрәжат қылыўы мүмкин. Бул ҳаққында судқа ерли-зайыплылардың бири арза менен мүрәжат қылған жағдайда, екиншиси иске мәпдар шахс сыпатында қатнастырылады.

Шахстың ҳуқықын белгилеўши ҳүжжетлерде көрсетилген аты, әкесиниң аты яки фамилиясы сол шахстың паспорттағы ямаса туўылыў гүўалығындағы аты, әкесиниң аты яки фамилиясына сай келмеген жағдайда (ППКниң 295-статьясы 2-бөлиминиң 6-бәнти) арза бериўшиге усы ҳуқықты белгилеўши ҳүжжеттиң тийисли екенлиги, ҳүжжетти берген шөлкем оған тийисли өзгерис кирите алмаслығын тасыйықлаўшы дәлиллер усынылғанында суд тәрепинен анықланады.

Судлар өлимди дизимге алынғанлық фактин егер бундай дизимге алыў тийисли ҳүжжетлер тийкарында бурын әмелге асырылған болып, бирақ акт жазыўы сақланбаған, жойтылған ҳәм тиклениўи мүмкин болмаған жағдайда анықлайды.

Өлгенлик фактин анықлаўда өлгенлик жағдайының өзи (өлим келип шыққан жағдайлар, сондай-ақ өлимниң анық сәнеси) анықланыўы лазым. Өлгенлик факти ПҲАЖ уйымлары тәрепинен өлимди дизимге алыў бас тартылғанлығы, сондай-ақ шахстың өлимин ҳақыйқатта тастыйықлаўшы дәлиллер бар болғанда суд тәрепинен анықланады.

Судтың өлгенлик фактин анықлаў ислери бойынша шешиўши қарарында ПҲАЖ уйымлары тәрепинен өлим фактин дизимге алыў ушын зәрүр болған барлық анық ҳәм толық мағлыўматлар болыўы керек.

Бахытсыз ҳәдийсе факти улыўма қағыйдаға көре судсыз белгиленеди. Егер судсыз белгилеўдиң илажы болмағанда ҳәм белгилеў имканияты жоқ екенлиги тийисли ҳүжжет пенен тастыйықланса ғана суд тәрепинен белгиленеди. Егер бахытсыз ҳәдийсе ҳаққында акт улыўма дүзилмеген яки ҳәзирги ўақытта оны дүзиў имканияты болмаса, акт дүзилген бирақ арза бериўши тәрепинен жойтылған ҳәм оны басқаша түрде тиклеў мүмкин болмаса, акт дүзиў қәтеликке жол қойылған яки анықлықлар жетерли болмаса ҳәм буны тийисли уйым дүзете алмаса, хызметкерди кәрхана, шөлкем, мәкемедеги жумысы менен байланыслы ҳалда ден-саўлығына жеткизилген бахытсыз ҳәдийсе ғана юридикалық әҳмийетке ийе болады.

Суд бахытсыз ҳәдийсе фактин анықлаўда мийнетке жарамсызлық себеплерин, дәрежесин, сондай-ақ майыплықтың келип шығыў себеби, топарын ҳәм келип шығыў  ўақтын белгилеўге ҳақылы емес.

Имаратқа жеке мүлк ҳукықы тийкарында ийелик қылыў фактин суд тәртибинде белгилеў ушын шәртли түрде тийислилик қағыйдалары қолланылады. Бул фактти белгилеў ушын пуқара дәслеп басқа уйымға мүрәжат қылған болыўы лазым.

ППКниң 295-статьясы 2-бөлиминиң 8-бәнтине муўапық имаратқа жеке мүлк ҳуқықы тийкарында ийелик қылыў фактин анықлаў ҳаққындағы ислер тийисли мәмлекет уйымы бундай фактти анықлаўдан бас тартқан жағдайда ҳәм ҳуқық ҳаққында тартыс болмаса ғана судқа тийисли есапланады.

Суд бундай ис бойынша ийелик ҳуқықын емес, ал имараттың арза бериўшиге жеке мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли екенлигин фактин, арза бериўшиде өз ўақтында ийелик ҳуқықы ҳаққындағы ҳүжжет болғанлығы, бирақ олар жойтылған ҳәм оларды тиклеў имканияты болмаған жағдайларда анықлайды.

Нызамда белгиленген тәртипте имаратқа ийелик ҳуқықы дизимнен өткизилгенлиги ҳаққында мағлыўмат болмаса, қурылған имаратқа ийелик ҳуқықы ҳақкындағы мәселе суд тәрепинен даўа тәртибинде көрилип шешиледи.

Пайдаланыўға қабыл қылынбаған яки басқа шахс атына дизимге алынған ямаса нызам талап қылатуғын форма бойынша рәсмийлестирилмеген питим тийкарында қолға киритилген қурылмаға ийелик ҳукықын белгилеў ҳаққындағы арза да суд тәрепинен даўа тәртибинде көрилиўи лазым.

Мәпдар шахс мийрас ҳуқықы қабыл қылғанлығы ҳәм мүлкти мийрас қылып алғанлығын тастыйықлаўшы дәлиллерди усыныс ете алмағаны себепли нотариал уйым мийрасхорлық ҳаққында гүўалық бериўден бас тартқан жағдайларда мийрасты қабыл қылыў ҳәм мийрастың ашылыў орны фактин белгилеў айрықша тәртипте ис жүритиўдиң юридикалық әҳмийетке ийе болған факти сыпатында көриледи. Пуқаралық кодексиниң 1117-статьясына тийкарланып мийрас қалдырыўшының ақырғы турақлы жасап турған орны мийрастың ашылыў орны есапланады. Мийрас қалдырыўшының ақырғы жасап турған орны белгисиз болса, оған тийисли болған көшпес мүлк яки оның тийкарғы бөлеги турған орын мийрас ашылған орын деп есапланады.

Демек усы фактлерди белгилеў бойынша судка тийислилик қағыйдалары қолланылады, арзалар мийрас мүлк жайласқан судқа бериледи (ППКниң 35-статьясы).

Юридикалық әҳмийетке ийе болған факт анықланғанлығы ҳаққындағы ис бойынша шешиўши қарары ППКниң 253-статьясында нәзерде тутылған талапларға муўапық болыўы лазым.

Жуўмақлап айтқанда юридикалық фактлерди суд тәртибинде белгилеўдиң өзине сай шәртлерине бойсынылғанда ғана суд тәрепинен көрип шығылады.

 

 

М.Адилова.

Пуқаралық ислери бойынша

Нөкис районлар аралық суды судьясы

28.11.2022 17:24:04 145