Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлардың басым кɵпшилиги ишки жолларды оңлаў мәселелерине арналған еди. Бул мүрәжатлар 3-сектор баслығы тәрепинен қадағалаўға алынып, арнаўлы бағдарламаларға усыныс киргизиў илажлары алып барылды.
Нәтийжеде, бүгинги күнде аймақта арнаўлы бағдарлама ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан жәми 7,3 км аралықтағы ишки жолларға ЩПС қапламасын тɵсеў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бүгин район ИИБ баслығы, 3-сектор баслығы Н.Әдилбеков Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйынында болып, әмелге асырылып атырған жолларды оңлаў жумыслары менен танысты ҳәм қурылысшылар менен сәўбетлесип, жумысты ɵз ўақтында сапалы жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети