ҚАРАРДЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ ТҮСИНДИРИЛДИ

21.11.2022 18:17:44 167 Баспаға шығарыў

Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығы орынбасары Б.Мәтмуратов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги 408-санлы қарарына муўапық Кегейли районында әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумыслары ҳәм жаңадан өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип қабылланып атырған Нызам ҳәм Кодекслердеги өзгерислерге бағышланған ушырасыў мәжилисин өткерди. Мәжилиске районлық кеңес депутатлары, ҳәким орынбасарлары, тараў басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисти Кегейли районы ҳәкими орынбасары А.Отемуратов алып барды.

Ушырасыў мәжилисинде сенатор Президенттиң
408-санлы қарары тийкарында районымызда әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумысларының мазмун-әҳмийети ҳәм бул бағдарда депутатлық қадағалаўларды күшейтиў лазымлығын атап өтти. Сондай-ақ, тийисли тараўлар тәрепинен жаңа мийнет кодекси ҳәм басқа да жаңадан қабылланып атырған Нызамлар бойынша орынларда түсиник жумысларын турақлы түрде алып барыў бойынша тапсырмалар берди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

.

21.11.2022 18:17:44 168