Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 18-марттағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” Бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-172-санлы қарарының Кегейли районында орынланыўын тәмийинлеў иләжлары ҳаққында.

21.09.2022 09:44:41 187 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-марттағы                     “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” Бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-172-санлы қарарының Кегейли районында орынланыўын тәмийинлеў иләжлары ҳаққындағы мәселени қарап  шығып ҳәмде “Жергиликли мәмлекетлик ҳамкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М     Е Т  Е Д И:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 18-марттағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” Бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-172-санлы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районы ҳәкиминиӊ санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтыӊ 2022-жылда “Абат аўыл” Бағдарламасы тийкарында “Жалпақ жап” ҳәм “Ақтуба” аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында әмелге асырылған қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққындағы баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, А.Отемуратов), архитектура ҳәм қурылыс бөлими (Н.Отепова):

– бағдарлама шеңберинде әмелге асырылыўы режелестирилген объектлерде жойбарлық-сметалық ҳүжжетлеринде белгиленген қурылыс-монтажлаў жумысларының сыпатлы орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.

– 2022 жылда аймақларда “Абат аўыл” бағдарламасы шеңберинде белгиленген социаллық объектлер, ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тамийнаты  объектлериниң қурылыс-оңлаў жумыслары ушын ажыратылған қаржылардың мақсетли ҳәм мәнзилли жумсалыўын, сондай-ақ орынланатуғын жумыслардың тармақ кестелеринде көрсетилген мүддетлерде сөзсиз орынланыўын тәмийинлесин;

– ҳәр айда Бағдарлама шеңберинде социаллық объеклериндеги қурылыс-оңлаў жумысларының барысын район ҳәқимлигинде сын көз-қараста талқылап барсын ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине мәлимлеме киритип барсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында “Жалпақ жап” ҳәмде “Ақтуба” аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы бағдарламаға киргизилген социаллық объеклер ҳәмде аймақтың инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларына турақлы түрде депутатлық қадағалаўын орнатсын.
  2. Усы шешиминиң орынлаўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.
21.09.2022 09:44:41 188