Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги ”Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32-санлы Пәрманы тийкарында «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8 гектар жер майданы таӊлап алынып, шөлкемлестирилип атырған турақ-жай массивинде 2022-2024-жылларда ҳәр бири 30 квартирадан ибарат 20 дана көп қабатлы турақ-жайларды қурыў режелестирилген. Соннан 2022-жылы 7 дана, 2023-жылы 7 дана ҳәм 2024-жылы 6 дана көп қабатлы турақ-жайлар қурылып, жәми 600 шаӊарак заманагөй турақ-жайлар менен тәмийинлениўи белгиленген.
Бүгинги күнде аймақта көп кабатлы 30 квартиралы 7 дана турақ турақ жайлардыӊ қурылысы жедел пәт пенен алып барылмақта.
Бул турақ жайлардыӊ қурылыс жумысларын алып барыў бойынша календарь кестелери ислеп шығылып, оған бола қурылыс жумысларын усы жыл декабрь айына жуўмақлаў нәзерде тутылган.
Бугинги кунде қурылып атырған турақ жайларда қурылыс жумысларыныӊ 40 пайызы орынланып, екинши, ушинши ҳам төртинши қабатларда гербиш өриў жумыслары алып барылмақта.
Буннан тысқары аймақта сметалық баҳасы 12,6 млрд.сўм болған жаӊадан 320 орынға мөлшерленген мектеп имаратының, сметалық баҳасы 9,4 млрд.сўм болған жаӊадан 180 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының ҳәмде сметалық баҳасы 2,2 млрд.сўм болған жаӊадан 50 орынға мөлшерленген поликлиника имаратының қурылыс жумыслары жедел пәт пенен алып барылмақта.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги ”Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-стаьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги ”Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтың баянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов, А.Отемуратов), районлық архитектура ҳәм қурылыс бөлими (Н.Өтепова) кесип алып ислеўши қурылыс шөлкемлери басшылары менен биргеликте:
-“Жаңа Өзбекстан” массивинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың қурылыс-монтажлаў жумысларының сыпатлы орынланыўын ҳәм белгиленген мүддетте пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлеў;
– қурылысшыларға шарт-шараятлар жаратыў, мийнет ҳақыларын өз ўақтында берилиўин тәмийинлеў;
– қурылып атырған турақ-жай массивинде инженерлик-транспорт коммуникациясы, социаллық тараўлар, өндирис, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң комплекс тәризде жайласыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилесин;
– көп қабатлы турақ жайлардың қурылыс жумысларында белгиленген қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларына, қурылыс-монтажлаў ҳәм пардозлаў жумысларын орынлаў сыпатына қатаң әмел қылыў бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажлардың әмелге асырылыўы үстинен системалы түрде қадағалаў жумысларын алып барсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары турақ жай массивинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар ҳәм басқада социаллық объектлердиң қурылыс жумысларының сыпатлы орынланыўы үстинен мудамы депутатлық қадағалаўын алып барсын.
- “Жаңа Өзбекстан” массивинде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлардың ҳәм басқада объектлердиң қурылыс жумысларының барысы ҳәр шеректе Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясында кең түрде талқыланып барылсын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында жаңа турақ жай массивин қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
- Усы шешимниӊ орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық Кеӊесиниӊ Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал тараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (Ж.Төрениязов)на жүкленсин.