Кегейли районында жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў мақсетинде Әндижан ўәлаяты исбилерменлери тәрепинен ислеп шығарыў кәрханаларының хызмети жолға қойылған болып, бүгин олардың жумыс нәтийжелери айқын көзге тасланбақта.
Усындай көлемли жумыслардың барысы менен танысыў мақсетинде, бүгин, республикамызда хызмет етип турған бир топар ғалаба хабар қураллары ўәкиллердиң қатнасыўында Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Әндижанлы исбилермен тәрепинен шөлкемлестирилген “Gredo invest group texstille” ЖШЖ де медиа-тур шөлкемлестирилди.
Қатнасыўшылар кәрхананың өндирис барысы, ислеп шығылған өнимлердиң сапасы, экспорт потенциалы ҳәм жумысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат ушын,текстиль фабрикада 100 ден аслам ҳаял қызлардың бәнтлиги тәмийинленген.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial