“Табийий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын шѳлкемлестириў” жойбарын әмелге асырыў барысында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығының есабаты ҳаққында.

29.10.2021 11:21:50 200 Баспаға шығарыў

“Табийий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын шѳлкемлестириў” жойбарын әмелге асырыў барысында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығының есабаты ҳаққында.

«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:

1. “Табийий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын шѳлкемлестириў” жойбарын әмелге асырыў барысында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими баслығы С.Нзановтың есабатымағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы ҳәкимлиги (А.Отемуратов), “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими (С.Нзанов) пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары менен биргеликте:
– есаплағышларды биринши нәўбетте халықтың тәбийий газ тутыныўшылары тығыз жайласқан ҳәмде қарыздарлық дәрежеси жоқары болған аймақларға орнатыў, соның менен бирге ири қарыйдарлар ҳәм исбилерменлик субъектлерин олардың ѳзлери есабынан системаға жалғаў;
– елатлы пунктлерде барлық қарыйдардардың (хожалық, санаат ҳәм бюджет) есаплағышларын ҳәмде ири участкаларға кириўши бѳлегиндеги ксаплағышларды бир ўақыттың ѳзинде орнатыў;
– ири қарыйдардар, автомобильлерге газ толтырыў шақапшалары ҳәм қурылыс материаллары ислеп шығарыўшыларын, исбилерменлик субъектлерин олардың ѳз қаржылары есабынан ҳәмде социаллық тараўдың объектлерин Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан системаға жалғаныўын тәмийинлеў;

– есаплағышлар орнатылған хожалықларда пайдаланылған табийий газ ушын тѳлемлерди ўақтында әмелге асырыў ҳәм жүзеге келген қарыздарлықларды ѳндириў жумысларын системалы шѳлкемлестириў;
– жойбар шеңберинде ажыратылатуғын қарежетлерден мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў ҳәм белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў;
-электрон газ есаплағышларын орнатыў ҳәм система имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелий оқыў шынығыўларды шөлкемлестириў арқалы тийисли хызметкерлердиң көнликпе ҳам тәжирийбелерин асырып барыў;
-электрон газ есаплағышларының тутыныўшыларға орнатыўда белгиленген тәртипке қатаң әмел қылыныўын ҳәмде тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў;
– электрон газ есаплаў үскенелерин орнатыў жумысларын белгиленген мүддетте жуўмақлаў ҳәм табийий газ есабы ҳәм қадағалаўын толық автоматластырылған системаға ѳткериў бойынша айқын иләжлар белгилесин.
3. Кегейли районы финанс бѳлими (К.Жиенбаев), “Кегейлитумангаз” тәмийнаты бөлими (С.Нзанов) Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 24-сентябрьдеги ПҚ-4840-санлы қарарына муўапық барлық социаллық әҳмийетке ийе мәкеме ҳәм кәрханларға (бюджет кәрханалары) табийий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў ҳәм қаржыландырыў жумысларын әмелге асырсын.
3. Кегейли районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа:
-тәбийғий газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасы енгизилиўи бойынша тийисли тәртипте қадағалаў орнатыў, орнатыў барысын белгиленген график бойынша орынланыўын тәмийинлеў, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў;
-системаны енгизиўди шөлкемлестириў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин, дебиторлық қарыздарлықларды кемейттириў ҳәм нызамсыз жалғап алыўларға шек қойыў бойынша жумысларына баҳа бериў, бул бағдарда кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер хызметкерлердиң өз лаўазымына ылайықлылығы бойынша район ҳәкимине усыныс киритип барсын.
4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

29.10.2021 11:21:50 201