Кегейли районы абаданластырыў басқармасының аймақларда абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында
Кегейли районы Абаданластырыў басқармасының аймақларда абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
1. Кегейли районлық абаданластырыў басқармасы тәрепинен аймақларда абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы басқарма баслығы М.Хошановтың есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Кегейли районы абаданластырыў басқармасы тәрепинен абаданластырыў объектлерин сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў, аймақта абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары еледе жеткиликсиз екенлиги атап өтилсин.
3. Кегейли районы абаданластырыў басқармасына (М.Хошанов):
– абаданластырыў объектлерин сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў жумысларын қаласазлық ҳәмде санитария нормалары ҳәм қағыйдаларына қатаң әмел қылған ҳалда өз ўақтында ҳәм сыпатлы орынлаў ҳәмде орын алып атырған кемшиликлерди, машқалаларды сапластырыў бойынша айқын илажлар белгилеў;
– абаданластырыў объектлериниң техникалық жағдайын ҳәр жылы көзден өткериў, олардың мүддетинен бурын ескириўи ҳәм бузылыўының алдын алыў ҳәмде оларды пүтин ҳалында сақлаў бойынша профилактика илажларын өткерип барыў;
-көшелер, скверлер, аллеялар, естелик комплекслери ҳәм улыўма пайдаланыўдағы басқада көклемзар зоналарды көклемзарластырыў, саяманлы тереклерди тәрбиялаў бойынша агротехника илажларын өткериў,
сондай-ақ зыянкеслерге ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлерге қарсы гүресиў жумысларын алып барыў;
-ишки жоллар, көшелер, тротуарлар, көпирлер, бәндиргилер, транспорт кесиспелери ҳәм жол өткизгишлери, жол шети бордюрларын сақлаў, оларға капитал ҳәм ағымдағы оңлаў жумысларын турақлы түрде алып барыў;
-көшелердеги түнги жақтыландырыў тармақларын сақлаў, турақлы ислеп турыўын тәмийинлеў, электр энергиясын тежеў мақсетинде заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм технологияларды енгизиў жумысларын алып барыў;
– жақтыландырыў системасындағы электр шырақларын өз ўақтында жандырыў ҳәм өшириў, истен шыққан шырақларды алмастырыў, сыртқы жарытқыш электр тармақларын, үскенелер ҳәм объектлерди олардың сазлығы бойынша қадағалаў орнатыў ҳәм техникалық көриктен өткериў;
– байрамларға, мәдений-сиясий илажларға таярлық көриў дәўиринде көшелерде ҳәм майданларда безеў жумысларын алып барыў;
– қадағалаўсыз, соның ишинде ийесиз ийтлер, пышықлар ҳәм жыртқыш ҳайўанларды ветеринария-санитария қағыйдаларына әмел қылған ҳалда тутыў ҳәм районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимине тапсырыў;
-ҳайўанлардың қутырыўы жүзеге келген жағдайларда районлық ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими менен биргеликте жумысларды шөлкемлестириў, сондай-ақ набыт болған ҳайўанларды ветеринариялық-санитариялық қағыйдаларына әмел қылған ҳалда зыянсызландырыў;
-қәбирстанлар аймақларында зәрүр тәртип ҳәм тазалықты тәмийинлеў, пуқаралардың талабына қарап белгиленген тәртипте олардың буйыртпаларын орынлаў бойынша өз ўақтында зәрүр илажларды белгилесин.
4. Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары (А.Отемуратов) ҳәр айда район ҳәкимлигинде абаданластырыў басқармасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың барысын сын көз-қараста талқылап барсын.
5. Кегейли районлық абаданластырыў басқармасы баслығы М.Хошановқа усы шешимниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында 2022-жылдың 9 айы жуўмағы менен Халық депутатлары районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясында есабат бериўге миннетленсин.
6. Усы шешиминиң орынлаўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммунал хожалығы мәселелери ҳәм халыққа хызмет көрсетиў бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовқа жүкленсин.