Ҳаял қызлар комитети баслығы басламасы менен жаңа жыл алдынан қайырлы ислер

05.01.2020 21:37:36 1613 Баспаға шығарыў
Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитети баслығы Г.Хожамбергенова басламасы менен Хожели районында жайласқан 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде жаңа жыл алдынан кайыр-сақаўат илажы шѳлкемлестирилди.
Бул жерде тәрбияланып атырған балаларды жаңа жыл байрамы менен  қызғын қутлықлап, кѳзлери меҳирге толы балалардың жасаў жағдайлары менен танысты.
Район ҳәкимлиги ҳәм райондағы белсенди фермерлер қәўендерлигинде шѳлкемлестирилген кийим-кеншеклер, азық-аўқат ѳнимлери,  жаңа жыл  саўғалары тапсырылды.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
05.01.2020 21:37:36 1614