Кегейлиде 5 баслама тийкарында компьютер саўатханлығы бойынша семинар-тренинг өткерилди.

23.01.2020 21:32:38 1650 Баспаға шығарыў

Жаслар руўхый дүньясын асырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шѳлкемлестириў бойынша 5 әҳмийетли баслама тийкарында халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды үйретиў мақсетинде 55 санлы қәнигелестирилген мектепте, районлық руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими тәрепинен оқыўшы жасларға «Информация қәўипсизлиги» атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Тренинг интерактив усылда ѳтип, информацияның түрлери ҳәм оларға болатуғын қәўиплер, жәнеде информацияны фильтрлеў ҳаққында әмелий тәризде түсиндирилип барылды.

Жаслар ѳзиниң бос ўақытларында кѳбинесе интернет тармақларында жумыс ислейди. Интернет тармақларында жаслар психологиясына кери тәсир көрсетиўши пикирлер көплеп ушырасады. Усы идеялық пикирлердиӊ олар руўхыятына қандай тәсир етеди, усылар нәтийжесинде бүгинги күнде жаслардың сана-сезими қандай раўажланып атыр, жас ѳспиримлердиӊ руўхый жақтан саламат болып қәлиплесиўинде жаслар менен тығыз ислесиўде ата-ана ҳәм устазлар, қоршаған жәмәәт олардыӊ оқыўға қатнасы, сабақлардан үлгериўи, бос ўақытларынан мазмунлы ѳткериў мақсетиндеги ҳәр түрли дѳгереклерине қатнасын ѳз ўақтында бақлаўға алыўы менен бир қатарда олардыӊ интернет тармақларында жумыс ислеўинде қадағалаў зәрүр.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

23.01.2020 21:32:38 1651