Халықты дизимге алыўда шахсқа тийисли ма¬ғлыўматларды жыйнаў қалайынша әмелге асырылады

30.06.2021 09:10:19 166 Баспаға шығарыў

Халықтыдизимгеалыўилажикеңкөлемли, көпўақытҳәмүлкенқаржыталапететуғынилажболып, оны өткериўушын
2-3 жылдаўамындатаярлықжумысларыналыпбарыўдыталапетеди.

Республикамыз ғәрессизлик жылларында халықты дизимге алыў илажин биринши мәрте өткерип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде 2023-жылға көширилди.

Халықты дизимге алыў илажи 2023-жыл 1-25-ноябрь күнлери өткериледи ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2023-жыл 1-ноябрь саат 00.00 етип белгиленеди. Халықты дизимге алыў 25 кун даўам етеди.

Шахсқа тийисли ма­ғлыўматларды жыйнаў

         Респондентлер жасаўшы (ўақтынша болып атырған) турақ жай ҳәмде натурақ жайларға, имәратларға барған ҳалда үйме-үй жүрип сораў өткериў арқалы әмелге асырылады. Дизимге алыў бланкасы формалары дизимге алыўшы қәнийгелер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады;

Халықты дизимге алыўды өткериў дәўринде жасаў (турған) жайында ҳәзир болмаған ямаса жас өспирим шахслар(респондентлар) туўрысындағы шахсқа тийсли мағлыўматлар усы уй хожалығында жасы үлкен ағзалары тәрепинен алынады. Өзине салыстырғанда қәўендерлик белгиленген шахслар туўрысындағы мағлыўматлар олардың қәўендерлери тәрепинен алынады;

Жасап турған хожалығында дизимнен өтиўди қәлемейтуғын респондентлер ушын дизимге алыў сораўнамаларын толтырыў район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен ажратылған имәратларда жайласқан статционар участкаларда әмелге асырылады;

Сөйлеў ҳәм еситиўде нуқсанлары болған пуқаралардың шахсқа тийисли мағлыўматларын жыйнаў тийисли аймақ бойынша нәгиранлық жәмийетлериниң хызметкерлери ямаса усы шахс пенен мәмиле етиў мүмкиншилигине ийе шахслар жәрдеминде әмелге асырылады.

Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў, тәминлеў талапларын есапқа алған ҳалда информацион-коммуникация техналогияларынан пайдаланыў арқалы да әмелге асырылады.

Халықтың айрым қатламлары бойынша шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў, дизимге алыў бланкасы формалары ҳәм басқа дизимге алыў ҳүжжетлерин толтырыў “Халықты дизимге алыў туўрысында” ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 24-статьясына муўапық әмелге асырылады.

30.06.2021 09:10:19 167