Олий Мажлис сенаты баслығы Т.Нарбаева Кегейли районындағы Өнермет кластери менен жақыннан танысты

11.06.2021 15:04:15 255 Баспаға шығарыў

Бүгин Олий Мажлис сенаты баслығы Т.Нарбаева, сенатор У.Жәлменов ҳәм Л.сейтова Кегейли районында болып «Қумшүнгил» АПЖ аймағындағы «Өнермет» кластери менен жақыннан танысты. Дәслеп, рәсмийлер қатнасында “Устаз-шәкирт мектеби”ниң ашылыў мәресими болып өтти. Илаж даўамында Кегейли районы ҳәкими тәрепинен “Устаз-шәкирт мектеби”ниң мақсети жыйналғанларға мәлим етилди.

Биз билемиз “Қумшүнгил” АПЖ аймағы аўыр аймақлар дизимине киргизилген. Сол себептен себет тоқыў бойынша исбилерменликти раўажландырыўды мине усы аймақтан баслаўды орынлы деп билдик. Ҳәзирги күнде бул аймақтан 10 га жер майданына «Америка тaлын” егиў, оған ислеў бeриў жумыслары баслап жиберилген. Усы тәбийғый өнимлерден себет ҳам басқада хожалық буйымларын тоқыўды ҳаял-қызларымызға үйретиў ушын арнаўлы түрде Кегейли районынан 7 қызымызды тренер сыпатында оқытқанбыз. Бул тренерларымыздың ҳәр бири ҳәзир 70 ҳаял-кыздан шәкирт таярлап атыр. Ал,  Қаракалпақстан республикасы бойынша жәми  21 ҳаял-қызымыз устаз сыпатында оқытылып, бүгинги күнде олардың ҳәр бири өзлерине шәкиртлер таярламақта. Бул Устаз-шәкирт мектебиниң мақсети де ҳаял-қызларымызды кәсипке бағдарлаў арқалы, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақларына турақлы дарамт дерегин жаратып бериў ,-дейди район ҳәкими Д.Утемуратов Олий Мажлис сенаты баслығы Т.Нарбаева менен болған сәўбетинде.

Ашылыў мәресиминен соң Олий Мажлис сенаты баслығы Т.Нарбаева ҳаял-қызлар менен ушырасты. Ушырасыў даўамында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында мәмлекетимизде алып барылып атырған унамлы реформалар, жаратып берилип атырған шарятлар, гендер теңлиги мәселелери ҳаққында пикирлер додаланды. Буннан соң өз исбилерменлигин баслап “Устаз-шәкирт” мектебинде жумысын баслаған ҳаял-қызларды саўғалар менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

11.06.2021 15:04:15 256